Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

08

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


“Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларын жүритиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы (ПП-6061-сан, 07.09.2020-ж.) қабыл етилди.
Пәрманға көре, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастры мәмлекетлик комитетиниң төмендеги ўазыйпалары, функциялары ҳәмде ўәкилликлери Аўыл хожалығы министрлигине өткерилди:
- аўыл хожалығы жерлери ҳәм егинлерин мониторинг етиў;
- аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў;
- аўыл хожалығы жерлерин қорғаў бойынша мәмлекетлик қадағалаўын әмелге асырыў;
- топырақ бонитировкасын өткериў;
- аўыл хожалығы жерлериниң ҳәкимшилик баҳасын анықлаў;
- топырақ өнимдарлығын асырыў;
- топырақтаныўшылық, геоботаникаға байланыслы изертлеўлерди әмелге асырыў.
Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастры мәмлекетлик комитети тийкарында Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги шөлкемлестирилди ҳәм оның ўазыйпалары белгиленди.
2020-жыл 1-октябрьден баслап жер участкаларына болған ҳуқықлардың пайда болыўы, өзгериўи, басқа шахсқа өтиўи, шеклениўи ҳәм бийкар болыўын нәзерде тутыўшы қарарлар, аукцион ҳәм таңлаў баянламалары, нотариал тастыйықланған питимлер ҳәмде басқа ҳүжжетлер Өзбекстан Миллий географиялық мәлимлеме системасында мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин күшке киреди.
2021-жыл 1-январьдан баслап жер түри, контуры, шегарасы ҳәм ҳуқық ийелери ҳаққындағы барлық мағлыўматлар Кадастр агентлигиниң онлайн геопорталына киргизиледи.
Онлайн геопортал Миллий геомәлимлеме системасына интеграция етиледи.
Жер балансы ҳәм оның есабаты, район (қала) жер кадастры дәптери тек ғана Миллий геомәлимлеме системасында жүргизиледи.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими