Янгиликлар
07
Ақыретлегенлик ушын қандай жуўапкершилик бар?
Билесиз бе?
Ақыретлегенлик ушын қандай жуўапкершилик бар?
Ақыретлеў- шахстың абыройы ҳәм ар-намысын қастан кемситкен ямаса әдепсизлик пенен қастан бузғанлығы ушын нызамшылықта ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик нәзерде тутылған.
Атап айтқанда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте (https://lex.uz/docs/97664) ақыретлеген шахсқа қарата 4 460 000 сумнан 8 920 000 сумға шекемги муғдарда жәрийма салыныўы белгиленген.
Егер усы ҳуқықбузарлық бир жыл ишинде қайта исленсе ҳуқықбузарға қарата жынайый жуўапкершилик белгиленеди.
Жынаят кодексине (https://lex.uz/docs/111453) тийкар ақыретлеген шахсқа:
- 44 млн 600 мың сумға шекемги муғдарда жәрийма;
- 240 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар;
- 1 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары жазасы берилиўи мүмкин.
Ақыретлеў баспадан шығарыў, басқаша усылда көбейтирилген текстте ямаса ҒХҚ арқалы әмелге асырылса усы ҳәрекет туўрыдан-туўры жынаят есапланады ҳәм айыпкер:
- 44 млн 600 мың сумнан 89 млн 200 мың сумға шекем жәрийма;
- 240 сааттан 300 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслары;
- 1 жылдан 2 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары жазасы менен жазаланыўы мүмкин.
Егерде ақыретлеў:
• жәбирлениўшини өз хызмет ямаса пуқаралық ўазыйпасын орынлаў мүнәсибети менен байланыслы ҳалда;
• қәўипли рецидивист тәрепинен;
• ақыретлегенлиги ушын алдын судланған шахс тәрепинен исленген болса:
- 89 млн 200 мың сумнан 133 млн 800 мың сумға шекем муғдарда жәрийма;
- 2 жылдан 3 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары;
- 1 жылға шекем еркинликти шеклеў;
- 1 жылга шекем еркинликтен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин.