Янгиликлар
04
Билесизбе
Судларға берилген даўаларды көрип шығыў процесслерин онлайн гүзетиў мүмкин болады.
“Суд ҳәкимияты уйымлары искерлигин санластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарар менен судлар искерлигин санластырыўдың кейинги басқыштағы ўазыйпалары белгиленди.
- пуқаралар ҳәм исбилерменлерге көрсетилетуғын интерактив электрон хызметлер түрлери кеңейттириледи, ҳәр бир мүрәжатты көрип шығыў процессин онлайн гүзетип барыў тәмийинленеди, суд биналарында интерактив хызметлерден еркин пайдаланыў имканияты жаратылады.
Қарар менен төмендегилерди нәзерде тутыўшы 2020-2023-жылларда суд ҳәкимияты уйымлары искерлигин санластырыў Бағдарламасы тастыйықланды:
- 2021-жыл 1-январдан судларда суд мәжилисин тәреплердиң илтимасы ҳәм басшылық етиўшиниң разылығы менен аудиожазыўдан пайдаланған ҳалда дизимин жүритип барыў ҳәмде суд мәжилиси баяннамаларын усы системадан пайдаланған ҳалда қәлиплестириў;
- 2021-жыл 1-июлден апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында жумысларды судьялар арасында автоматик рәўиште бөлистириў;
- 2021-жыл 1-октябрден барлық қатнасыўшыларды суд мәжилислериниң ўақты ҳәм орны ҳаққында “SMS” хабар арқалы бийпул тийкарда хабардар етиў;
- 2022-жыл 1-январдан суд қарарларын тәреплерге онлайн тәризде, олардың илтимасы бойынша болса қағаз формасында усыныў;
- 2022-жыл 1-июлге шекем судлар искерлигинде, сол есаптан, пуқаралар ҳәм исбилерменлерге әдил судлаўға ерисиўде қолайлық жаратыў мақсетинде 10 ға жақын интерактив хызметлер көрсетиўди жолға қойыў;
- 2023-жыл 1-январдан суд жумысларын мәмлекетлик архивине электрон формада тапсырыў ҳәм қабыл етиў;
- судлар, Судьялар жоқарғы кеңеси ҳәм Судьялар жоқарғы мектебинде мәлимлеме-коммуникация технологиялары инфрадүзилмесин еледе жақсылаў.
Қарарға көре, 2022-жыл 1-январдан судлар искерлигине төмендеги имканиятларды бериўши “Адолат” мәлимлеме системалары комплекси енгизиледи:
- Мәмлекетлик ҳәкимияты ҳәм басқарыўы уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары, хожалық басқарыўы уйымлары, адвокатлар тәрепинен судларға даўа, арза ҳәм шағымларды тек ғана электрон формада усыныў;
- мәпдар шахслар тәрепинен даўа, арза ҳәм шағымларды көрип шығыў процессин онлайн тәризде гүзетип барыў;
- суд мәжилиси қатнасыўшылары тәрепинен мағлыўматлар
ҳәм ҳүжжетлерди электрон формада жибериў;
- суд ҳүжжетлерин судлар искерлигине енгизилген мәлимлеме системасынан пайдаланған ҳалда автоматластырылған рәўиште қәлиплестириў.
Сондай-ақ, 2020-жыл жуўмағына шекем суд мәжилислеринде видеоконференцбайланыс режиминде қатнасыў имканын бериўши мобиль дәстүр ислеп шығылады.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими