Янгиликлар
04
Август айының ең жақсы хызметкери анықланды
Август айының ең жақсы хызметкери анықланды
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2018-жылдың октябрь айынан баслап Әдиллик министрлиги ҳәм оның системасындағы хызметкерлерине жүклетилген мийнет ўазыйпаларын орынлаўда олардың жуўапкершилигин жәнеде асырыў, хызметкерлерди ҳадал мийнети ушын хошаметлеў арқалы мийнет ҳәм атқарыў интизамин беккемлеў мақсетинде «Айдың ең жақсы хызметкери» анықланып келинбекте.
Нөкис қалалық әдиллик бөлими баслығы Атажанов Алишер Ерпулатович 2020-жыл август айының жуўмағы бойынша «Айдың ең жақсы хызметкери» деп табылды.
Министрлик жәмәәти Атажанов Алишер Ерпулатовичти усы жетискенлик пенен қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тилейди.
Кадрлар бөлими
бас мәсләҳәтшиси Х.Атаджанов