Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

03

Билесизбе


ПҲАЖ хызметкерлериниң ҳәкимлик системасында ислеген дәўири үстеме төлеўге зәрүр болған ис стажына қосылады.
"Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымлары искерлигин Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлери агентлиги системасында нәтийжели шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, ПҲАЖ уйымлары искерлигин шөлкемлестириў, олардың искерлигине улыўма басшылық етиў ҳәм системалы қадағалаўды алып барыў ушын Мәмлекетлик хызметлери агентлиги (Агентлик) жуўапкер есапланады.
2021-жыл 1-январға шекем район (қала) ПҲАЖ бөлимлери Агентлик системасына өтиўи мүнәсибети менен олардың хызметкерлери Әдиллик министрлиги тәрепинен аттестациядан өткизилди.
Қарарға көре, ПҲАЖ архивлеринде архивариус лаўазымы сапластырылады ҳәм усы мүнәсибет пенен 1 ҳәм 2-тайпалы инспектор лаўазымлары енгизиледи.
ПҲАЖ уйымлары хызметкерлери мийнетине ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери бойынша Агентликтиң аймақлық басқармалары бөлимлери хызметкерлерине теңлестириледи.
ПҲАЖ уйымлары хызметкерлери (ПҲАЖ болимлери ҳәм неке үйлери басшылары
(инспекторлары)ның район (қала) ҳәкимликлери системасындағы ислеген дәўири көп жыл ислегенлиги хәмде мәртебе дәрежелери алыў ушын үстемелер төлеўге зәрүр болған ис стажына қосылады.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими