Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

03

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Ийесиз затларды рәсмийлестириў тәртиби белгиленди
Ҳүкимет қарары (533-сан, 02.09.2020-ж.) менен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасында анықланған ийесиз затлар ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге муўапық, ийесиз зат дегенде Мәмлекетлик шегараның өткериў пунктлеринен сыртқы аймақта Мәмлекетлик шегара арқалы нызамсыз түрде өткерилиўине урынылған ўақытта Шегара әскерий хызметкерлери тәрепинен анықланған ийеси болмаған ямаса ийеси белгисиз болған материаллық баҳалықлар түсиниледи.
Ийесиз затлар олар бойынша қарар қабыл етилгенге шекем Шегара әскерий бөлимлериниң арнаўлы қоймаханаларында сақланады.
Шегара әскерий бөлимлериниң ўәкилликли лаўазымлы шахслары ийесиз зат анықланғаннан баслап 3 сутка даўамында, тез бузылатуғын товарларға қарата болса 1 сутка даўамында эксперт ҳәм баҳалаўшы шөлкемди тайынлайды.
Экспертиза заттың түрине қарап тийисли ўәкилликли органлар тәрепинен өткериледи.
Затларды ийесиз деп табыў ҳаққындағы қарар орынларда шөлкемлестирилетуғын аймақлық комиссиялар тәрепинен қабыл етиледи.
Ийесиз затлар олардың тутыныўға (пайдаланыўға) жарамсызлығы бойынша жуўмақ алынған жағдайда, Шегара әскерлери тәрепинен тийисли акт дүзилген ҳалда жоқ қылынады.
Ийесиз затларды рәсмийлестириў ҳәм сақлаў менен байланыслы барлық қәрежетлер Шегара әскерлериниң бюджеттен тысқары қоры есабынан әмелге асырылады.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими