Янгиликлар
02
Қабыллаў_2020
Абитуриентке еслетпе: бул жылғы имтиханлар қалай шөлкемлестириледи?
Бүгин 2-сентябрьден жоқары оқыў орынларына тест сынақлары басланады.
Тест сынақлары 2 сменада өткериледи:
- 1-смена — 08:00 ден 11:00 ге шекем;
- 2-смена — 17:00 ден 20:00 ге шекем.
Абитуриентларди тестке киргизиў:
- 1-смена — 06:30 дан;
- 2-смена — 15:30 дан басланады.
Абитуриент руқсатнамасында көрсетилген сәне ҳәм ўақытта тест сынақларында қатнасады.
Тестке кириў ушын паспорт ҳәмде абитуриент руқсатнамасы талап етиледи. (Абитуриент руқсатнамасын abitur.dtm.uz сайтындағы абитуриенттиң жеке кабинетинен жүклеп алыў мүмкин).
Тестте 2 қәнигелик пәнинен 30 дан жәми 60 сораў бериледи. 1-пән ушын 3,2 балл, 2-пән ушын 3,1 балл. Максимал топлаў мүмкин болған балл - 189 балл.
Тест тапсырмаларын орынлаў ушын (жуўаплар бетин толтырыў менен бирге) 30 тест тапсырмасына 90 минут, 60 тест тапсырмасына 180 минут ўақыт ажыратылады.
Тестлер өткерилетуғын стадион ҳәм қыябанлар жайласқан мәнзил ҳаққында төмендеги силтемелер арқалы мағлыўмат алыў мүмкин:
- dtm.uz/page/stadionlar_2020
- тест процесслерин test2020.uz сайты арқалы онлайн көриўиңиз мүмкин.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими