Янгиликлар
27
Әдиллик_хабары
“Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға тийкар 28 жаслар “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды.
Еслетип өтемиз, “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы ҳаққындағы режеге тийкар, усы сыйлық оқыўдағы жетискенликлери, жәмийетлик белсендилиги ҳәм қәбилети менен теңлеслерине өрнек болып киятырған 14 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған қәбилетли жигитлерге пән, билимлендириў, медицина, мәденият, әдебият, көркем-өнер, спорт, ислеп шығарыў, әскерий хызмет тараўларында ҳәмде ҳуқық қорғаў уйымларындағы жумысларында ерискен жетискенликлери ушын бериледи.
Мәмлекетлик сыйлық базалық есаплаў муғдарының 50 есеси (11 млн 150 мың сум) муғдарында белгиленеди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими