Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

Лицензия ҳәм руқсат бериў тараўында бир қатар өзгерислер күтилмекте


Лицензия ҳәм руқсат бериў тараўында бир қатар өзгерислер күтилмекте

Усы жылдың 24-август күни лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын түп-тийкарынан жетилистириў және бюрократиалық тосықларды сапластырыў арқалы исбилерменлик субъектлердиң жумысы ушын және де кеңнен шараятларды жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы қабыл етилди.
    Пәрманға муўапық, 2021-жыл 1-январьдан баслап:
-  37 лицензия ҳәм 10 руқсатнама бийкар етиледи;
- 16 лицензия ҳәм 11 руқсатнама бирлестириў жолы менен бийкар етиледи;
- 17 лицензия ҳәм 14 руқсатнамалар хабардар етиў тәртиби енгизилиў жолы менен бийкар етиледи;
- 14 түрдеги лицензия ҳәм руқсатнамаларды рәсмийлестириў мүддетлери еки есеге қысқартылады;
- 115 лицензия ҳәм руқсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыў тәртип-қағыйдалары еледе әпиўайыластырылады;
- туризм искерлигин лицензиялаўда туроператорлар хызметлерин сертификатлаў ықтыярий етип белгиленеди.
Сондай-ақ, хабардар етиў тәртиби енгизилген искерлик (ҳәрекет) ушын рәсмийлестирилген лицензия ямаса руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етилиўи өз күшинде қалады ҳәм усы искерлик (ҳәрекет)ти әмелге асырыў ушын ўәкилликли уйымды хабардар етиў талап етилмейди.
Пәрман менен:
- кредит бюролары искерлигин лицензиялаўда кеминде 10 коммерциялық банк пенен кредит алмасыўын әмелге асырыўға разылығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар болыў талабы;
-дәрилик затлар ҳәм медициналық буйымларды усақлап реализация етиў искерлигин лицензиялаўда усы искерлик ушын лицензияға болған юридикалық шахслар тәрепинен олардың тап сондай искерлик пенен шуғылланыўшы филиаллары шөлкемлестирилгенде ҳәр бир филиал мәнзилин тийкарғы лицензияда көрсетиў әмелиятын енгизиў арқалы филиалларға айырықша лицензия рәсмийлестириў әмелияты;
-жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия алыўда талапкерден жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының кепиллик хатларын алыўды талап етиў тәртиби бийкар етилмекте.
    Пәрманға муўапық, ўәкилликли уйымлар тәрепинен төмендеги ҳәрекетлердиң әмелге асырылыўы қадаған етиледи:
-лицензиялар бериў, олардың әмел етиў мүддетин узайтырыў ҳәм оларды қайта рәсмийлестириўде лицензия талапкериниң коммунал хызметлер ушын төлемлер бойынша қарыздарлығы себепли мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўден бас тартыў;
- лицензия ҳәм руқсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди мәмлекетлик уйымлаы ҳәм исбилерменлер ортасында дүзилетуғын өз ара шәртнамаларға алмастырыў;
- лицензия ҳәм руқсат бериўге байланыслы талап ҳәм шәртлерде нәзерде тутылмаған хақы есесине басқа түрдеги хызметлерден пайдаланыўға ямаса руқсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыўға тиккелей ямаса тиккелей емес түрде мәжбүрлеў.
Атап өтиў лазым, 2020-жылда мүддети тамамланатуғын барлық лицензия ҳәм руқсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етиў мүддети 2021-жыл 1-январьға шекем узайтырылды.
       2021-жыл 1-январьға шекем лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары менен байланыслы барлық процесслерди қамтып алған «Лицензия» мәлимлеме системасы ислеп шығылады.
Бунда 2021-жыл 1-январьдан:
-лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары басқышпа-басқыш толық электрон тәризде «Лицензия» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады;
-лицензия тараўындағы нызам бузылыўлары ҳаққында хабар берген шахслар ҳуқықбузарлық өз тастыйығын тапқанда өндирилген жәрийманың 10 проценти муғдарындағы пул сыйлығы менен хошаметленеди;
-лицензия ҳәм руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди тамамлаў ҳәм бийкар етиў тек ғана суд тартибинде әмелге асырылады.
Лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын реформалаўдың екинши басқышында “Жумысының айырым түрлерин лицензиялаў ҳаққында”ғы ҳәм “Исбилерменлик жумысы тараўындағы руқсат бериў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы нызамларды бирлестириў жолы менен бирден бир нызам жойбары, 2021-жыл 1-февральға шекем Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм ўәкилликли уйымлар менен биргеликте лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары тараўындағы нызам ҳүжжетлерин системаластырыў мақсетинде олардың паспортларын ислеп шығыў ҳәм кодификациялаў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылыўы белгиленди.


Элмурод Турсунов,
Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министри орынбасары