Янгиликлар
26
Нызамсыз шығарылған орынлаў исин тамамлаў ҳаққындағы қарар бийкар етилди
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Нөкис қаласында жасаўшы Д.Т атлы пуқараның, Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қаласы бөлими тәрепинен усы жылдыӊ январь айына шекем алимент пуллары өндирилгенлиги, бирақ өмирлик жолдасы А.Р. Нөкис қаласында жасайтуғын болсада, Қазақстан Республикасына есаптан шығып кеткенлиги баян қылынып, суд ҳүжжетлери қайтарылғанлығы бойынша наразылығын билдирген мүрәжаты үйренилип шығылды.
Атап айтқанда, Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының 2019-жыл 22-май күнги суд буйрығына муўапық қарыздар А.Р., өндириўши Д.Т. пайдасына тәрбиясындағы еки перзентиниң тәмийнаты ушын олар ер жеткенге шекем ҳәр айдағы ис ҳақысы ҳәм басқа дәраматларының
1/3 бөлими муғдарында алимент өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети Бюроныӊ Нөкис қаласы бөлими ис-жүритиўине 2019-жыл 18-июнь күни келип түскен ҳәм орынлаў иси қозғатылған.
Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздар тәрепинен
2019-жыл 6-сентябрь күнинен усы жылдың 24-февраль күнине шекем 960.000 сум алимент напақа пуллары почта байлыныс хызмети арқалы төленип келингенлиги ҳәм мәмлекетлик орынлаўшысының 2019-жыл 21-ноябрь күнги қарыздар Өзбекстан Республикасы аймағынан шығыўға ўақтынша шеклеў ҳаққында қарар қабыл қылынып, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара басқармасы ҳәм Ишки ислер министрлигине орынлаў ушын жиберилгенлиги, сондай-ақ рәсмий болмаған мағлыўматқа көре, қарыздар шет елге жасаў ушын турақлы есаптан шығып кеткенлиги ушын 2020-жыл 3-март күни орынлаў исин тамамлаў ҳәм өндириўшиге қайтарыў бойынша шешими шығарылғанлығы анықланды.
Қарақалапқстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниӊ қарыздар А.Р жасаў мәнзиллери туўралы берген мағлаўматында, пуқара А.Р. 2013-жыл 30-майда Қазақстан Республикасына турақлы есаптан (прописка) шығып кеткенлигин, 2013-жыл 30-май күнинен 2021-жыл 11-июнь күнине шекем Нөкис қаласы аймағындағы турақ жайларда ўақтыншалық есапқа қойылғанлығы баян қылынған.
Өзбекстан Республикасы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамының 40-статьясы 2-бәнтинде, егер қарыздардың мәнзилин яки оның мал-мүлки турған орнын анықлаў ямаса банклер яки басқа кредит шөлкемлериндеги есап-бетлери ҳәм аманатларда қарыздарға қараслы пул қаржылары ҳәмде басқа байлықлар турғанлығы яки сақланып атырғанлығы туўралы мағлыўматлар алыў мүмкин болмаса, (усы Нызамға муўапық қарыздарды яки оның мал-мүлкин қыдырыў нәзерде тутылған жағдайларды қоспағанда), орынлаў ҳүжжетлери өндириўшиге қайтарылатуғынлығы көрсетилген.
Усы нызамныӊ 42-статьясында, алиментлер өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздардың турған жери туўралы мағлыўматлар болмағанда, мәмлекетлик орынлаўшысы өз басламасы менен яки өндириўшиниң арзасына көре қарыздарды излеў ҳаққында қарар шығаратуғынлығы, қарарды аға мәмлекетлик орынлаўшысы тастыйықлайтуғынлығы, бул ҳалда мәмлекетлик орынлаўшысы қарыздардың мал-мүлкин излеў ҳаққында қарар шығаратуғынлығы белгиленген.
Солай етип, мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен қарыздардан усы жылдың 24-февраль күнине шекем алимент напақа пуллары өнидирилип, 2019-жыл 21-ноябрь күни қарыздар Өзбекстан Республикасы аймағынан шығыўға ўақтынша шеклеў қойылған болсада, қарыздар 2013-жыл 30-май күни шет елге турақлы жасаў ушын есаптан шығып кеткенлиги ушын нызамсыз рәўиште алимент пулларын өндириў бойынша Минск конвенциясына тийкар судқа мүрәжат етиў лазымлығы түсиндирилип, 2020-жыл 3-март күни алимент өндириў туўралы орынлаў ҳүжжети қайтарылған ҳәм өндириўшиниң әўере болыўына жол қойылған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрель күнги ПҚ-3666-санлы Қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳаққында”ғы Режеде, əдиллик уйымлары, анықланған ҳуқықбузарлықларға жол қоймаў, олардың ислениўине көмеклесиўши себеплер ҳәм шәрт-шараятларды сапластырыў ҳаққында министрликлер, мәмлекетлик коммитетлер, кеңселер, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлар ҳәмде басқа шөлкемлерге орынланыўы мәжбүрий болған усыныслар киритетуғынлығы нәзерде тутылған.
Сонлықтан, усыныс тийкарында мәмлекетлик орынлаўшысыныӊ 2020-жыл 3-март күнги нызамсыз рәўиште шығарылған қарары, Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ 2020-жыл 19-август күнги шешими менен бийкарланып, орынлаў ушын Бюроныӊ Нөкис қаласы бөлимине жиберилди ҳәм инсан ҳуқықлары қорғалыўы тәмийнленди.
Инсан ҳуқықларын қорғаў
бөлими бас мәсләҳәтшиси
Абатов Амангелди
Парахатович