Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

25

Мәмлекетлик орынлаўшыныӊ тийкарсыз қарары бийкар етилди


Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тарепинен Нөкис қаласында жасаўшы Ф.Т. атлы пуқараныӊ Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қаласы бөлими (кейинги орынларда бюро деп жүритиледи) мәмлекетлик орынлаўшысыныӊ 2020-жыл 23-июнь күнги орынлаў исин тамамлаў ҳаққындағы қарары үстинен наразылығын билдирген мүрәжаты үйренилип шығылды.
Анықланыўынша, Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының 2015-жыл 21-апрель күнги 29420-санлы орынлаў хатына тийкар, өндириўши Ф.Т. пайдасына қарыздар Р.С. дан 28.250.000 сум өндириў белгиленген. Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен қарыздардың жасаў мәнзили бойынша мал-мүлклери көзден өткерилгенде, биринши гезекте нормал турмыс кешириў ушын зәрүр болған мүлклеринен тысқары қымбат баҳалы мүлклери анықланбағанлығы ҳаққында акт дүзилип, қарыздар атында мүлклер жоқлығы туўралы мағлыўматлар топланған ҳәм Өзбекстан Республикасы “Суд ҳүжжетлер ҳәм басқада уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамының (кейинги орынларда Нызам деп жүритиледи) 40-статьясы 3-бәнтине муўапық, мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен орынлаў исин тамамлаў ҳаққындағы қарары шығарылған.
Нызамның 40-статьясында, қарыздардың өндириўге қаратылыўы мүмкин болған мал-мүлки яки дәраматлары болмаса ҳәм оның мал-мүлки яки дәраматларын қыдырыў бойынша суд орынлаўшысы тәрепинен нызамда жол қойылатуғын шеңберде көрилген барлық шаралар нәтийжесиз болғанда, суд орынлаўшысы бул ҳаққында тийисли акт дүзетуғынлығы, актты аға суд орынлаўшысы тастыйықлайтуғынлығы, орынлаў ҳүжжетин қайтарыў ҳаққында аға суд орынлаўшысы тастыйықлайтуғын суд орынлаўшысыныӊ қарары шығаратуғынлығы көрсетилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-май күнги ПҚ–3016-санлы Қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳаққында”ғы Режесиниң 18-бәнтинде, бюроның район (қала) бөлимлери баслықлары аға мәмлекетлик орынлаўшылары болып есапланатуғынлығы белгиленген.
Солай етип, Бюроныӊ мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен орынлаў исин тамамлаў ҳаққындағы қарарын шығарыў барысында нызамшылық талапларына әмел қылынбағанлығы анықланды.
Яғный, 2015-жыл 13-майда қозғатылған 10303-санлы орынлаў иси
2018-жыл ҳәм 2019-жылдың январь-февраль айларында топланған қарыздардың өндириўге қаратылыўы мүмкин болған мал-мүлки яки дәраматлары жоқлығы туўралы ескирген мағлыўматларға ғана тийкарлынып, орынлаў ҳүжжетин өндириўшиге қайтарыў ҳәм өндирис исин тамамлаў ҳаққында қарар шығарылғанлығы, бирақ бул қарар аға мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен тастыйықланбағанлығы, сондай-ақ қарыздардың
мал-мүлкин қыдырыў бойынша көрилген барлық шаралар нәтийжесиз болғанлығы туўралы акт дүзилмегенлиги анықланды.
Буннан тысқары, қарыздардың хатлаў мүмкин болған мал-мүлклери толық анықластырылмаған ҳәм өндириўди қарыздардың ис ҳақысы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерге ҳәмде социаллық қамсызландырыў напақасына қаратыў шараларын көриў бойынша иләжлар әмелге асырылмаған.
Солай етип, Нызамының 831-статьясы талапларына муўапық, Бюроныӊ мәмлекетлик орынлаўшылары 2020-жыл 23-июнь күнги орынлаў ҳүжжетин өндириўшиге қайтарыў ҳәм орынлаў исин жүритиўди тамамлаў ҳаққындағы қарарын бийкарлаў ҳәм жуўаплы хызметкерлердиӊ ҳәрекетлерине баҳа бериў ҳаққында Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасына усыныс киргизилди.
Усыныс тийкарында, Бюроныӊ мәмлекетлик орынлаўшылары 2020-жыл 23-июнь күнги қарары, Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ 2020-жыл 19-август күнги қарары менен бийкар етилип, орынлаў ушын Бюроныӊ Нөкис қаласы бөлимине жиберилди ҳәм пуқараныӊ ҳуқықлары тиклениўи тәмийинленди.



Инсан ҳуқықларын қорғаў
бөлими бас мәсләҳәтшиси
Абатов Амангелди
Парахатович