Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

25

Перзент тәрбиясы бәрше нәрседен уллы


Инсан дүньяға келгеннен кейин еӊ биринши гезекте оныӊ жәмийетте кәмил инсан болып қәлиплесиўинде шаӊарақтағы ата-ананыӊ орны жүдә үлкен. Ата-ананыӊ өз-ара мүнәсибети, перзентине болған қатнасы, меҳри, перзент ушын жүдә әҳмийетли саналады.
Бүгинги күнде жәмийетимизде ушырасып атырған жас өспиримлер арасындағы ҳуқықбузарлықлардыӊ келип шығыўы ата-ананыӊ перзент тәрбиясына немқурайлығы, өз ата-аналық ўазыйпасын лазым дәрежеде орынламағанлығы себебинен келиб шықпақта. Хәр бир ата-ана перзентиниӊ тәрбиясын қадағалыўы, оқыў процесслерин тереӊ үйренип барыўы, оқытыўшылар менен тығыз байланыста болыўы лазым. Сондай-ақ перзентиниӊ кимлер менен дос екенлигинен хабардар болыўы, кешки ўақытлары биймезгил жүриўине жол қоймаў ушын шаӊарақта перзентлеримизге бул ҳаққында көбирек түсиндирип барыўымыз керек.
Әсиресе қыз балаларымыздыӊ кийиниў мәдениятына, үйден оқыўға шығып баратырған қыз ҳәм балаларымызға итибар берип, оларға миллийлигимизди, менталитетимизди түсиндирип барсақ мақсетке муўапық болады.
Айырым ата-аналарымыз “Мениӊ балам не ушын ҳуқықбузарлық иследи, бәрше ол қәлеген мүтәжликлерин қанаатландырып қойған болсам”–деген сораўлар менен мүрәжат етеди. Мысал етип алатуғын болсақ,  ҳуқықбузарлықтыӊ келип шығыў себеплеринен бири, еӊ биринши гезекте мектепке барған балаларға үй тапсырмалары берилиўи тәбийий. Хәр бир балада қызығыўшылық сезими болады. Мектептен келген балаға үй тапсырмаларын таярлаў ушын ата-ана тәрепинен жәрдем көрсетилмесе яки болмаса турмыслық тәшўишлер менен умытып кетилип, бул процесслер және қайталана берсе, бала шетте қалып қойған жағдайларда баланыӊ қызығыўшылығы әсте ақырын сөнип бара береди. Кейин ала оқыўға, өзине деген исенимди пүткиллей жойтады. Екинши орталықтан меҳрди, өзине бейим болған адамлар менен досласыўды қәлейди. Биз буны ўақытлар өтип умытып кетиўимиз яки болмаса бул нәрселерге итибарсыз қараўымыз мүмкин, бирақ сол қәтешелик бәрибир бизден бир күн келип өз жуўабын сорайды. Шаӊарақтағы тәрбияныӊ өз жемисин бериўи перзентимиз ержеткеннен кейин билип қаламыз.
Бул өмирде ата-анамыздан еӊ биринши гезекте материаллық байлық емес, ал олар берген тәрбия бәршесинен уллы екенлигин ҳеш қашан умытпаўымыз керек. Перзент тәрбиясында бизиӊ қәтелесиўимизге ҳақымыз жоқ, себеби перзентлеримиз бизиӊ ертеӊги жарқын келешегимиз.

А.Гулимбетов,
Хожели район әдиллик бөлими жетекши мәсләҳәтшиси