Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

25

Диний экстремизм ҳәм фундаментализмнен сергек болайық!


Мәмлекетимиз ҳәм жамийет қәўипсизлиги ғәрезсизликке ерискен күнлеримизден баслап ақ мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпасы болып келген. Бул тез пәт пенен раўажланып атырған ҳәзирги дәўирдиң бүгинги күнинде алдыңғы қатардағы әҳмийетли ўазыйпа болмақта. Себеби дүнья майданында терроризм ҳәм диний ақидапарастлық ағымы мәмлекетлер қәўипсизлигине кери тәсир етип, раўажланыўына қәўип туўдырыў арқалы дүньяға ҳүкимлик етиў дәрежесине ерисиўге умтылмақта.
Бүгинги күнниң идеялогия полигонлары ядро полигонларынан да тәсиршең қәтерли ҳәм қәўипли дей аламыз. Себеби идеялогиялық тәсирлер арқалы инсан санасына терең тәсир етип, оның руўхый дүньясынан орын алып, ой пикирлерин бузып, инсанды белгиленген бир мақсет жолында ҳәрекетге келтириўге умтылмақта.
Жер жүзинде бүгинги күнде исленип атырған террористлик актлер халқымызды еледе бир иләҳий уллы идеялар елимиз тынышлығы ҳәм қәўипсизлиги жолында бирлесиўге шақыратуғын болса, дүнья көлеминде амелге асырылып атырған террористлик ҳәрекетлер терроризм иллетине жер жүзи көлеминдеги мәмлекетллер биргеликте гүресиў лазымлығының ҳақыйқат екенлигин көрсетеди.
Заманның жүдә глобалласып, пән-техника, технологиялардың тез пәтте раўажланыўы, соның ишинде мәлимлеме-технологиялары әсиринде инсан санасы ҳәм руўхый дүньясының орталықты, ҳәр қыйлы тәсирлерди сезиниўин сынаўдан өткермекте. Бул инсан санасына ақидапарас күшлердиң инсаныйлыққа жат идеяларды енгизиўге, буның менен айрым мәмлекетлер ишинде сиясий ыдыраўлар болдырып, тәртипсизликти келтирип шығарып сол арқалы ҳәкимият басына келиўге умтылмақта.
Усы сыяқлы, бизлердиң де азат ҳәм абат, ғәрезсиз Ӱатанымыздың тынышлығын бузыўға умтылыўшы айырым күшлер мәмлекетимиздиң раўажланыў турақлылығын, тынышлығын бузыўға ҳәрекетленеди.
Халық мәпин көзлеп, Ӱатансүйиўшилик сезимлери менен, пидайылық руўқында елимизде алып барылып атырған сиясатты қоллап-қуўатлап ҳамме ўақытта Ел-тынышлығы ушын сергек болыў зәрүр.

Қарақапақстан Республикасы Әдиллик министрлиги
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери бөлими баслығы Отеулиев Абилкасим Отегенович