Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

Бюрократиялық тосықларды қысқартыў - раўажланыўдың тийкарғы принциплеринен бири


Бюрократиялық тосықларды қысқартыў - раўажланыўдың тийкарғы принциплеринен бири

    Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасын жəнеде раўажландырыў бойынша ҳəрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы 2017-жыл    7-февраль күнги 4947-санлы Пəрманында көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша көплеген реформалар əмелге асырылмақта.
     Ҳақыйқатында да, мəмлекет ҳəм жəмийет қурылысы системасын жетилистириў, нызам үстинлигин тəмийинлеў ҳəм суд хуқық системасын  жəнеде реформалаў, экономиканы жəнеде раўажландырыў ҳəм либералластырыў, социаллық тараўды раўажландырыў, қəўипсизлик, миллетлер аралық татыўлық ҳəм диний кең пейилликти тəмийинлеў, терең ойланған, өз ара мəпли сыртқы сиясат жүргизиў тараўында бүгинги күнде жүдə көплеген жумыслар əмелге асырылып, жəмийеттеги раўажланыўлар тез пəт пенен əмелге асырылып атырғаны о¬ғада унамлы процес болып көзге тасланбақта.
Солай екен, бул ўазыйпаларды əмелге асырыўда, ҳеш бир тараў итибардан шетте қалып атырған жоқ. Себеби мəмлекетимизде əмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нəтийжесинде халықты тəшўишке салып атырған машқалаларды анықлаўдың пүткиллей жаңаша системасын енгизилиўи қысқа ўақыт ишинде пуқаралардың мəмлекетлик уйымларға исеним дəрежесин артыўына ҳəм мəмлекет хызметшилери тəрепинен өзине жүклетилген жумысларына мүнəсибети ҳəм жуўапкершилигин пүткиллей өзгертириў имканин береди.
Сондай-ақ, өткерилип атырған үйрениўлер министрликлер, мекемелер, жергиликли атқарыўшы ҳəкимият уйымлары, басқа мəмлекетлик шөлкемлерде ески бюрократиялық усылларда ис жүргизиў, сол қатарда ҳүжжетлер айланысына заманагөй хабар технологияларын енгизиў дəрежесиниң төменлиги, қағазбазлық көлеминиң жоқарылығы, сондай-ақ, əмелий аҳмийетке ийе болмаған көплеп жыйналыслар өткериў əмелияты сақланып қалып атырғанын  көрсетти.
Нəтийжеде, бул тараўда хəм тийисли норматив-ҳуқықый ҳужжет ислеп шығарыўға зəрүрлик туўылды ҳəм 2019-жыл 9-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Бюрократиялық тосықларды жəнеде қысқартырыў ҳəмде мəмлекетлик уйымлары ҳəм шөлкемлериниң искерлигине заманагөй басқарыў принциплерин енгизиў ис-илажлары ҳаққында»ғы  ПҚ-4546-санлы қарары қабыл етилди.
Усы қарардың биринши қосымшасында жергиликли атқарыўшы ҳəкимият уйымларының тийисли мəмлекетлик басқарыў уйымларының аймақлық бөлимлерине өткерилетуғын артықша функциялары ҳəм ўəкилликлери көрсетилди.
Буларға мысал сыпатында, жумыс орнының транспортта қатнаўға қолайлығын (жол қойылатуғын узақлықта екенлигин) белгилеў, район (қалалық)  Халықтың бəнтлигине көмеклесиў орайларына өткерилгенин айтыўымыз мүмкин. Себеби, усы мəселе тиккелей халықтың бəнтлигине көмеклесиў орайларының искерлиги байланыслы есапланады. Бунда еледе анықлық киритетуғын болсақ, Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 61-статьясының екинши бөлиминде «жумыстан ҳəм ис ҳақыдан (мийнет дарамадынан) айрылған шахслар ушын олардың кəсип таярлығына мас болған, жасын, ден саўлығын, мийнет стажын ҳəм алдынғы қəнийгелиги бойынша тəжирийбесин, жаңа жумыс орнына транспортта қатнаў бойынша қолай екенлигин есапқа алыўшы жумыс мақул келетугын жумыс деп аталады»-деп көрсетилгенлигин айтып өтиў орынлы болады.
Сондай-ақ, турақ жайларды на турар жай тайпасына өткериўге рухсатнама бериў, район (қалалық) қурылыс бөлимлериниң ўəкиллигине, халықтың ишимлик, турмыслық ҳəм басқа мүтəжликлери ушын мөлшерленген суў алыў имаратларынан пайдаланыў ҳаққында қарар қабыл етиў ҳəм биргеликте пайдаланылатуғын суў объектлеринде суўдан улыўмалық пайдаланыў ҳəм суўды пайдаланыў шəртлерин белгилеў- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң ирригация дизимлери ҳəўиз басқармалары жанындағы районлар (Қувасой қала) ирригация  бөлимлерине; жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди шарўашылық мүтəжликлери ушын тайярлаў ушын рухсатнама бериў ҳəм Мəмлекетлик орман фонды жерлерине кирмейтуғын резерв жерлеринде пишен орыў ҳəм шаруа малларын отлатыў ушын рухсатнама бериў- Өзбекстан Республикасы Экология ҳəм қоршаған орталықты қорғаў мəмлекетлик комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар ҳəм Ташкент қаласындағы аймақлық бөлимлерине; Алкоголь өнимлери менен усақлап сатыў хуқықын бериўши рухсат гуўалығын бериў ҳəм улыўмалық карханалары тəрепинен алкоголь өнимлерин сатыў хуқықы ушын рухсат гуўалығын бериў-район (қалалық) салық инспекциясына; дəри өнимлери ҳəм медициналық буйымларының усақлап сатыўын амелге асырыўға лицензия бериў – Өзбекстан Республикасы ден саўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажлантырыў агентлигиниң аймақлық бўлимлерине; мəмлекетлик емес билимлендириў мекемелериниң шет тиллерди үйрениў бойынша курсларын шөлкемлестириў тараўындағы искерлигин əмелге асырыўға лицензия бериў- Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳəм ўалаят халық билимлендириў басқармаларына; Риэлторлық искерлигин алып барыў ушын лицензия бериў- Өзбекстон Республикасы Мəмлекетлик активлерин басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар ва Тошкент қалалық аймақлық бөлимлерине берилди.    
Усы қарардың екинши қосымшасында 2020-жыл 1-январьдан баслап мəмлекетлик уйымлары ҳəм шөлкемлери тəрепинен пуқаралардан талап етилиўи, сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тəрепинен берилиўине жол қойылмайтуғын 28 түрдеги ҳужжетлердиң дизими анық белгилеп қойылды.
Оларға мысал сыпатында жасаў орнынан мағлыўматнама бериў, арза бериўши жасаў орны бойынша жасап атырғанлығы (дизимнен өткенлиги) ҳаққында мағлыўматнама, турақлы ҳəм ўақтыншалық дизимнен өтип жасаўшылар саны ҳаққында мағлыўматнама, турақлы жасаў орнында жасап атырған муддети көрсетилген мағлыўматнамаларды айтып өтиўимиз мүмкин.
бундай əмелге асырылып атырған реформалар нəтийжесинде пуқаралар жəмийетте белгиленген ҳуқықларын тосқынлықларсыз ҳəм ашық-айдын əмелге асырыўларына ҳəмде буның нəтийжесинде олардың ҳүкиметимиздиң искерлигинен кеўиллери толып, миннетдарлық кейпиятында жасаўларына, сондай-ақ жəмийетимиздиң раўажланыўында белсендилик пенен өз үлеслерин қосып барыўларына жəне бир мəрте исенимимиз артады.


Қараөзек районы əдиллик бөлиминиң
бас мəслəҳəтшиси                                                                  А.Искендеров