Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

Көтерилип атырылған напақалар, “прописка”сыз жасаўда жаңа тәртиплер: 1-сентябрьден нелер өзгереди?


1.  Пенсиялар, балалықтан майыплығы болған шахсларға, зәрүр ис стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақалар муғдары 10 пайызға асырылады ҳәм төмендегише белгиленеди:
- пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 262 470 сум;
- жасқа байланыслы ең кем пенсиялар – 513 350 сум;
- балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа – 513 350 сум;
- зәрүр ис стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа – 315 030 сум.
2. Хорезм ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласы ортасындағы экспорт қатнаўларда экспорт етиўшилерге темир жол жүк қатнаўы тарифлерине 50 пайыз шегирме енгизиледи.
3. Шет елге алып шығып кетиў мүмкин болған нақ валюта муғдары асады
Физикалық шахслар тәрепинен алып кирилип атырған ҳәм алып шығылып атырған 70 млн сум эквивалентинен артық Өзбекстан нақ валютасы ҳәм (ямаса) нақ шет ел валютасы ушын декларация толтырылады (әмелде 2 мың АҚШ доллары).
Сондай-ақ, 100 млн сумға тең ямаса оннан аспайтуғын нақ валюта Өзбекстаннан тысқарыға бажыхана қадағалаўы қағыйдаларына әмел еткен ҳалда шеклеўлерсиз алып шығылады  (әмелде 5 мың АҚШ доллары).
4. Мәмлекетлик басқарыў уйымлары, олардың аймақлық бөлимлери, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ҳәкимликлер тәрепинен өз искерлиги бойынша жәмийетшилик алдында электрон есабат бериў тәртиби енгизиледи.
5. Барлық аукцион саўдалары натийжелери QR-кодты қоллаў арқалы рәсмийлестириледи.
Сондай-ақ, “E-IJRO AUKSION” системасында төмендеги тәртиплер енгизиледи:
• аукционда шахсын идентификациялаў имканиятын бериўши мобиль қосымшалар арқалы қатнасылады;
• мәмлекет мүлкин ижараға бериў шәртнамалары электрон формада еки тәреплеме дүзиў арқалы рәсмийлестириледи;
• саўдаларда бар болған лотлар ҳаққында толық мағлыўматларды өз ишине алыўшы турақлы жаңаланып туратуғын ҳәм Агентликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылатуғын электрон каталог жаратылады.
6. Шегара бажыхана постларында “Бир айна” бажыхана мәлимлеме системасы енгизиледи ҳәм буның нәтийжесинде бажыхана рәсмийлестириўи ушын жумсалатуғын ўақытты экспортты 5 есеге ҳәм импортта 2 есеге қысқартыўга ерисиледи.
7. Дизимнен өтпестен жасаў мүддети 15 күн болады
Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында Өзбекстан пуқараларын турақлы жасаў ҳәм ўақтынша турған жери бойынша дизимге алыў бойынша төмендеги тәртиплер күшке киреди:
Пуқаралардың турақлы жасаў орны ҳәм ўақтынша турған орны бойынша дизимнен өткерместен жасаў мүддети 15 күн есапланады (әмелде 10 күн);
турақлы жасаў орны ҳәм ўақтынша турған орны бойынша дизимге алыўды рәсмийлестириў 1 күн ишинде әмелге асырылады (әмелде 3 күн);
Өзбекстан пуқараларын турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыўда алдынғы жасаў орнынан дизимнен шығыў тәртиби бийкар етиледи;
Өзбекстан пуқараларына турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыныўын рәсмийлестириўде паспорт, үй дәптери ямаса квартира карточкасына дизимге алыў штампын басыў әмелияты бийкар етиледи;
Әскерий хызметке мәжбүрлерди турақлы жасаў орны бойынша дизимге алыўда қорғаныў ислери бөлимлерине әскерий есаптан шығыў ҳәм әскерий есапқа турыў ушын барыў тәртиби бийкар етиледи;
Өзбекстан пуқарасы тәрепинен салық мәкемелеринде есапқа алынған ижәра шәртнамасы ҳаққында мағлыўмат усынылғанда ўақтынша турған орны бойынша дизимге алыныўда үй-жай ийесиниң разылығы талап етилмейди.
Сондай -ақ, Өзбекстан пуқараларын Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы жасаў ҳәм ўақтынша турған орны бойынша дизимге алыў тәртиби ҳаққындағы реже күшке киреди.
8. Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында пуқараларды турақлы жасаў ҳәм ўақтынша турған орны бойынша дизимге алыў менен байланыслы ислер ведомствалар аралық электрон бирге ислесиў арқалы “бир айна” принципи тийкарында Ишки ислер министрлигиниң “Мәнзил” автоматластырылған мәлимлеме системасында әмелге асырылады.
9. Нөкис, Әндижан, Бухара, Самарқанд, Үргениш ҳәм Фергана қалаларында жайласқан медициналық ЖООларында белгиленген тәртипте философия докторы (PhD) ҳәм пән докторы (DSc) илимий дәрежелерин бериўши илимий кеңеслер шөлкемлестириледи.
10. Мәмлекетлик буйыртпа тийкарында баспа өнимлер, соның ишинде сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық комплекслерди баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў, Өзбекстан резидентлери болмаған ҳәм қатнасыўы мүмкин болған, мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
11. Салық ҳәм статистика есабатлары мағлыўматлары ҳәмде Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясы мағлыўматлары тийкарында қурылыс-стандарт шөлкемлериниң электрон рейтинги енгизиледи.
12. Өндирилиўи үмитсиз деп есапланған салық қарызын есаптан шығарыў тәртиби ҳаққындағы реже күшке киреди.
Режеге муўапық, салық қарызы төмендеги жағдайларда өндирилиўи үмитсиз деп табылады:
Юридикалық шахс сапластырылғанда — юридикалық шахстың мал-мүлки жетерли емеслиги ҳәм (ямаса) усы юридикалық шахстың шөлкемлестириўшилери (қатнасыўшылары) тарепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте оның салық қарызын үзиў имканияты болғанлығы себепли оның Салық кодексиниң 91-статьясында нәзерде тутылған тәртипте үзилмей қалғанда;
Жеке тәртиптеги исбилермен банкрот деп табылғанда — қарыздардың мал-мүлки жетерли емеслиги себепли салық қарызы (оның бөлими) үзилмей қалғанда;
Физикалық шахс қайтыс болғанда ямаса физикалық шахс қайтыс болған деп табылғанда — оның мал-мүлки жетерли емеслиги себепли, атап айтқанда мийрас мәмлекет мүлкине өткен жағдайда, оның салық қарызы Салық кодексиниң 94-статьясында нәзерде тутылған тәртипте үзилмей калғанда;
Қайтыс болған физикалық шахстың мийрасхоры болмағанда ямаса мийрасхор (мийрасхорлар) мийрас алыў ҳуқықынан бас тартқанда;
салық уйымы салық қарызын өндириўдиң белгиленген мүддети өтиўи мүнәсибети менен оны өндириў имканиятын жойытқанлығы ҳаққында суд тәрепинен қарар қабыл етилгенде, соның ишинде суд тәрепинен салық қарызын өндириў ҳаққындағы арза бериўдиң өткерип жиберилген мүддетин тиклеўден бас тартыў ҳаққында уйғарыў шығарылғанда;
шет ел юридикалық шахс салық уйымынан есаптан шығарылғанда, турақлы мәкемениң мал-мүлки жетерли емеслиги ҳәм Өзбекстан Республикасының резиденти болмаған юридикалық шахс тәрепинен төлеў имкансызлығы себепли салық қарызы төленбегенде.
13. Санитария-эпидемиология ҳәм жәмийет саламатлығы тараўында бакалавриат ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша жоқары маман кадрлар таярлаў мақсетинде медициналық жоқары оқыў орынларында “Медициналық-профилактика ҳәм жәмийет саламатлығы” факультети шөлкемлестириледи.
14. Мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлери системасындағы концерт, мәденият сарайлары ҳәм басқа мәкемелерде толық жанлы атқарыў тийкарында өткерилген концерт бағдарламалары ушын ижара төлеминен 50 пайыз шегирме бериў тәртиби енгизиледи.
Төмендеги тәртип енгизиледи:
Көшпели цирклар тәрепинен өткерилетуғын тамаша илажларына ғалабалық илаж өткериў ушын рухсатнама алыў талап етилмейди, бунда илаж өткериў орны ҳәм ўақты ҳаққында ишки ислер уйымлары кеминде 10 күн алдын жазба түрде хабардар етиледи;
ишки ислер уйымлары, Миллий гвардия ҳәм Айырықша жағдайлар министрлиги уйымлары усы тамаша илажларында жәмийетлик тәртип ҳәм өрт қәўипсизлигин төлем өндирилмеген ҳалда тәмийинлейди;
өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың материаллық емес мәдений мийрас объектлерин асыраў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша искерлигинен алынған дәрамтларға салық салынбайды.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлим