Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

Усы жылдың 21-август күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен видеоконференция байланыс арқалы нәўбеттеги коллегия жыйналысы болып өтти


Усы жылдың 21-август күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен видеоконференция байланыс арқалы нәўбеттеги коллегия жыйналысы болып өтти. Жыйналысқа Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри С.Мамбеткадыров басшылық етти.
Коллегияда министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен бүгинги күнге шекем әмелге асырылған жумыслар, Әдиллик министрлиги системасында коррупцияға қарсы гүресиў илажларын жәнеде күшейтиў ҳәмде министрликке жүклетилген ўазыйпа ҳәм функцияларын  нәтийжели әмелге асырыў менен байланыслы жумыслар ҳәмде Юридик техникумға 2020-2021-оқыў жылына қабыллаўды шөлкемлестриў ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлерин бул бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыўда белгиленген илажларды әмелге асырыў ҳаққындағы мәселелерге тоқталып өтилди.
Сондай-ақ усы жылдың 3-5-август күнлери Ферғана ўәлаяты Тошлоқ районы әдиллик бөлими хызметкери тәрепинен ислеген коррупциялық жағдайлар ҳаққында айырықша айтып өтип, бундай Коррупциялық белгилер ҳәм өз ўазыйпасына суўыққанлық пенен қараў жағдайлары әсиресе бүгинги күндеги пандемия шараятында пуқаралардың мәмлекетлик органларына исеними дәрежесине кери тәсир көрсететуғынлығын билдирди.
Коллегия соңында министрлик системасының алдағы ўақыттағы ўазыйпалары белгилеп алынды.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими