Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

СЕН – ҚҮДИРЕТ ДӘРЕГИ, БАХЫТ МӘКАНЫ, ЖАНАЖАН ӨЗБЕКСТАНЫМ!


Мағлыўматларға көре, жер жүзиндеги еки жүзге жақын мәмлекетте 7 миллиард 700 миллионды қурайтуғын, 7000 тиллерде сөйлесетуғын халық жасамақта. Жәҳәнниң этник картасына итибар берсек, бүгинги күнде дүньяда муғдарынан бир неше жүзден бир неше жүз миллионды қурайтуғын 2000 ға жақын ҳәр қыйлы миллет ҳәм елатлар жасап атырғанлығының гуўасы боламыз. Солай екен, миллетлералық татыўлық, олар арасында өз-ара ҳүрмет ҳәм дослық қатнасықларын орнатыў арқалығана емес дүньяда турақлылық, тынышлықты тәмийинлеўдиң тийкарғы факторы болып қалабереди.
Толерантлық ҳаққындағы заманагөй концепция жақындағана пайда болып, бул түсиникти қәлиплестириўде ЮНЕСКО көп күш-қуўат сарыплады.
Яғный, 1995-жылда усы шөлкем тәрепинен қабыл етилген “Толерантлық принциплери декларациясы”нда толерантлық пуқаралық жәмийетиниң қәдрияты ҳәм социаллық нормасы, деп тәрийпленди.
Өзбекстандағы турақлылықты ҳәмде мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўының мәмлекетте жасайтуғын 136 артық миллет ҳәм елаттың өз-ара татыўлығысыз, рәсмий дизимнен өткен 16 диний конфессия ўәкиллери арасында кеңпейиллик қатнасықларысыз көз алдыға келтирип болмайды.
Сол себепли, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-февралдағы ПФ-4947-санлы “Өзбекстан Республикасын еледе раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында”ғы Пәрманы менен қабыл етилген “2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы”ның бесинши “Қәўипсизлик, миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў ҳәмде терең ойланған, өз-ара мәпли ҳәм әмелий сыртқы сиясат саласындағы баслы бағдарлары”ның 5.1-бәнтинде әйне “Қәўипсизлик, диний кеңпейиллик ҳәм миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў саласындағы баслы бағдарлар”, деп белгиленген.
Миллетлер аралық ҳәмде динлер аралық кеңпейиллик орталығын беккемлеў мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың өзеги екенлигин және бир рет тастыйықлайды.
Бул бойынша бүгинги күнге шекем бир қатар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
Ақырғы үш жыллықта мәмлекетимиз тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 19-майдағы “Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланысларын еледе жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-5046-санлы Пәрманы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 15-ноябрдеги “Миллетлераралық қатнасықлар саласында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы ПФ-5876-санлы Пәрманы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 25-декабрь күнги “Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық катнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық қатнасықлары комитети жанындағы жәмийетшилик кеңеси искерлигин шөлкемлестириў ҳаққында”ғы 1018-санлы қарары ҳәмде басқа да бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Миллетлер аралық қатнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық қатнасықларын еледе жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы жәмийетте турақлылық, тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, пуқаралар санасында үлкен, көп миллетли бирден-бир шаңараққа тийислилик сезимин беккемлеў, миллий мәдений орайлар ҳәм дослық жәмийетлери искерлигин ҳәртәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм еледе раўажландырыў, сырт ел мәмлекетлери менен мәдений-ағартыўшылық байланысларын кеңейттириўге қаратылған.
Әсиресе, Республика интернационал мәденият орайы ҳәм Өзбекстан сырт ел мәмлекетлери менен дослық ҳәм мәдений-ағартыўшылық қатнасықлар жәмийетлери кеңеси негизинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық қатнасықлары комитетиниң шөлкемлестирилиўи оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Усы комитетке жәмийетте миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў, тынышлықсүйер сиясатты, мәмлекет өмириниң бәрше салаларында ерисилген жеңис ҳәм жетискенликлерди кең үгит-нәсиятлаў, халықаралық жәмийетшилик, шет елдеги ўатанласларымыз диаспорасы менен дослықты беккемлеўге қаратылған мәмлекетлик сиясатын системалы әмелге асырыўы ўазыйпасы жүклетилди.
Комитет миллетлераралық татыўлық, дослық ҳәм бирлик принциплерин қарар таптырыў, миллетлераралық қатнасықлар мәдениятын раўажландырыўға қаратылған социаллық басламаларды қоллап-қуўатлаў, муўапықластырыў ҳәм хошаметлеўге қаратылган ис-илажларды әмелге асырыўы, миллий мәдений орайларға әмелий хәм методик жәрдем көрсетиў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаўы, миллети, расасы ҳәм диний исениминен тысқары, пуқаралар санасында көп миллетли бирден-бир шаңарақ туйғысын беккемлеў, “Өзбекстан — улыўма үйимиз” принципин әмелге асырыў шараларын көриўи нәзерде тутылған.
Пәрманда сырт ел мәмлекетлери менен дослық қатнасықларын, шет елдеги ўатанласларымыз ҳәм тийисли шөлкемлер менен катнасықларды еледе беккемлеў, мәмлекетимизде искерлик көрсетип атырған сырт ел мәмлекетлериниң шөлкемлери ҳәм дипломатиялық ўәкилханалары, сырт ел мәмлекетлеринде искерлик алып барып атырған тийисли шөлкемлер
менен өз-ара ҳүрметке тийкарланған байланыслар орнатыў ҳәмде системалы раўажландырыўға қаратылған жумысларды избе-из әмелге асырыў ўазыйпалары белгиленген.
Пәрманға муўапық, аймақларда миллетлераралық катнасықларды раўажландырыў ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланысларын жолға қойыў бойынша жумысларды муўапықластырыў Қарақалпақстан Республикасы Минислер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлери менен байланыслар бойынша орынбасарларына жүклетилиўи белгиленген.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Миллетлераралық катнасықлар саласында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы ПФ-5876-санлы Пәрманы менен миллетлераралық қатнасықлар саласында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясатының тийкарғы бағдарлары белгилеп берилип, Миллетлераралық қатнасықлар саласында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясы, 2019 — 2021-жылларда Миллетлераралық қатнасықлар саласында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясын әмелге асырыў бойынша “Жол картасы” ҳәм Миллетлераралық қатнасықлар саласында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясын әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша Комиссия қурамы тастыйықланған.
Усы Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Минитрлер Кабинетиниң Миллетлераралық қатнасықлар саласында кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў бойынша системалы жумысларды шөлкуемлестириўди нәзерде тутыўшы ис-илажлар комплексин, Миллетлераралық қатнасықлар саласында жүзеге келиўи мүмкин болған тартыслы жағдайлар хәм қарама-қарсылықлардың өз ўақтында алдын алыў ҳәм оларды профилактика етиў мақсетинде усы сала жағдайын мониторинг қылыў системасын шөлкемлестириў бойынша әмелий ис-илажлар режесин тастыйықлаў белгилеп қойылды.
Жуўмақлап айтқанда, көрсетип өтилген норматив-ҳуқықый хүжжетлердиң өмирге енгизилиўи мәмлекетте миллетлералық
ҳәм конфессиялар аралық татыўлық, тынышлық хәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша бирден-бир системаны раўажландырыў, миллий мәдений орайлар ушын еледе қолай хәм кең имканиятлар жаратыў, олардың жаратыўшылық басламалары ҳәм умтылысларын қоллап-қуўатлыў, искерликти сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, сырт ел мәмлекетлери менен дослық хәм мәдений-ағартыўшылық байланысларын еледе раўажландырыў, “халық дипломатиясы” менен шет елдеги ўатанласлар менен қатнасықларды кеңейттириўге хызмет етеди.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими