Янгиликлар
24
СЕН – ҚҮДИРЕТ ДӘРЕГИ, БАХЫТ МӘКАНЫ, ЖАНАЖАН ӨЗБЕКСТАНЫМ!
Бүгин Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде мәмлекетти жәҳән танымақта ҳәм тән алмақта. Бул бойынша Президент Шавкат Мирзиёевтиң жеке басламасы ҳәм өмирлик идеялары тийкарында ислеп шығылған “2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы” мәмлекет ҳәм жәмийетти раўажландырыўдың абсолют жаңа басқышын баслап бергенин айрықша айтып өтиў лазым.
2017–2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында үшинши бағдар сыпатында экономиканы раўажландырыў ҳәм либералластырыўдың баслы ўазыйпалары белгилеп берилди.
Усы ўазыйпаларды орынлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Бунда әпиўайы бир ҳақыйқаттан келип шығылды: халық бай болса, мәмлекетте бай ҳәм қүдиретли болады.
Өзбекстан 2017-жылдың 5-сентябринен миллий валютаны еркин конвертация етиў системасына толық өтти. Бул бойынша халық ушын жүзеге келиўи мүмкин болған унамсыз ақыбетлерин жумсатыў бойынша бәрше зәрүр шаралар көрилди.
Халықаралық финанслық институтлар менен бирге ислесиў нәтийжели раўажланбақта. Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, ҒМДА сыяқлы халықаралық дүзилмелер менен байланысларды жаңа басқышта даўам еттирмекте. Мәмлекетимиз Европа тиклениў ҳәм раўажланыў Банки (ЕТРБ) менен шерикшилик байланысларын жаңадан тикледи. Европа инвестиция банки менен шерикшилик байланыслары орнатылды. Жәҳән Банки, Халықаралық валюта фонды, Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Азия инфрадүзилме инвестициялар банки менен өз-ара шерикшилик нәтийжели түс алмақта. Республикамызда сырт ел капиталын қатнастырыў
ушын шәраятлар жаратылмақта.
Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар халқымызды разы қылып жасаў, адамлардың күннен-күнге артып барып атырған талапларын тәмийинлеў, миллий экономика көлемин кеңейттириў хәм көрсеткишлерин асырыў мақсетин гөзлейди. Усы стратегия экономикалық қәўипсизликтиң бирлемши тийкары болған өндиристиң қурамлық жаңаланыў жолларын белгилеп береди.
Коммерциялық банклери енди халқымызды исбилерменликке үйретиў ҳәм соған жетеклеў, реал экономикаға тийкарланған жандасыўды қарар таптырыў барысында ҳәрекет етпекте. Банклер ўәкиллери қарыйдарларды көбейттириў ушын үйлерге барып, адамларға кредит алыўларды усыныс етип, оны нәтийжели ислетиў жолларын үйретпекте.
Конституциямыздың 36 ҳәм 53-статьяларында мөрлеп қойылған “Ҳәр бир шахс мүлкдар болыўға ҳақылы” ҳәмде “Жеке мүлк басқа мүлк формалары киби қол қатылмас хәм мәмлекет қорғаўында” деген нормаларды әмелде жүзеге шығарыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил институты енгизилди.
Соны айтып өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-январдағы “Экономиканы еледе раўажландырыў ҳәм экономикалық сиясат нәтийжелилигин асырыўдың қосымша ис-илажлары ҳаққында”ғы, 2019-жыл 10-январдағы “Экономикалық раўажланыў саласында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў системасын түп тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Пәрманлары ҳәмде 2019-жыл 10-январдағы “Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги искерлигин шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қарары әйне Өзбекстанның экономикалық майданын беккемлеўге қаратылған.
Мәмлекетимизде түрли экономикалық қәўиплерге қарсы ис-илажлар, реформлаарды әмелге асырыў, модернизация ҳәм диверсификация процесслерин еледе жеделлестириў нәтийжесинде елимизде турақлы экономикалық өсиў көрсеткишлерин сақлап қалыўға ерисип келинбекте.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев “жасырын” экономика мәмлекет раўажына унамсыз тәсир көрсетип атырғанын, салық жүгин кемейттириў, бизнес жүритиў ушын еледе қолайлы шәраятлар жаратыў “жасырын” экономикаға тыйым салыўдың бирден-бир жолы екенлиги көрсетип өтилген. Соның ушын бул бойынша тәсиршең шараларды нәзерде тутатуғын айрықша бағдарлама ислеп шығыў зәрүрлигин көрсетип өтти.
Алдағы сырт ел тәжрийбелери ҳәм Конституциямыз талаплары тийкарында Президентимиз басламасы менен 2019-жылдың басында Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша комитет шөкемлестирилди. Бар болған жағдайды есапқа алып, миллий экономиканы жедел раўажландырыў, мәмлекетимиздиң инвестициялық имиджин асырыў мақсетинде, салық сиясатында әҳмийетли өзгерислер енгизилди. Яғный, физикалық шахслар ушын әмел етип келген ең жоқары 22,5 пайызлық дәрамат салығы ставкасы орнына 12 пайызлық ставка белгиленди. Саладағы өзгерислер дизимин еле узақ даўам еттириў мүмкин.
Булардан тысқары, бүгинги ҳәм ертеңги раўажланыўымыз тиккелей байланыслы болған аўыл хожалығы саласында қурамлық өзгерислер әмелге асырылмақта. Әсиресе, аўыл хожалық егинлерин жайластырыўда дәстүрий жандасыўлардан ўаз кешип, дийқанлар дәрамадын көбейттиретуғын, экспортқа бағдарланған өнимлерди жетистириўге инвестициялар тартылмақта. Бүгин адамларымыз бақшылық, шарўашылық, жылқышылық, балықшылық, қусшылық, пиллешилик, пал-ҳәррешилиги, өнерментшилик, кестешилик, хызмет көрсетиў ҳәм басқа салаларда исбилерменлик пенен шуғылланып, кишкене болса да өз кәрханасын шөлкемлестирип, нызамлы тийкарда дәрамат таппақта. Өзин де, шаңарағын да финанслық жақтан беккемлеп, мәҳәллелеримиз, районларымыз ҳәм қалаларымыз, ўәлаятларымыз, қалаберсе мәмлекетимиз раўажына мүнәсип үлес қоспақта.
Миллий экономика раўажын гөзлеп, экономиканың барлық салаларын санлы технологиялар тийкарында жаңалаўды нәзерде тутатуғын санлы экономика миллий концепциясы тийкарында арнаўлы бағдарламаны өмирге енгизиў мәселеси илгери сүрилмекте. Санлы экономика жалпы ишки өнимди кеминде 30 пайызға өстириў, коррупцияны кескин кемейттириў имканын береди. Атақлы халықаралық шөлкемлер өткизген таллаўлар да буны тастыйықламақта. Санлы экономиканы раўажландырыў идеясы негизинде мәмлекетимизде финанслық турақлылық, бизнес жүргизиў, инвестиция орталығы ушын еледе қолай шәраятлар жаратыў, коррупция ҳәм “жасырын” экономикаға тыйым салыў мәселеси жатады.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық