Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

СЕН – ҚҮДИРЕТ ДӘРЕГИ, БАХЫТ МӘКАНЫ, ЖАНАЖАН ӨЗБЕКСТАНЫМ!


ҲӘРЕКЕТЛЕР СТРАТЕГИЯСЫ: СОЦИАЛЛЫҚ ТАРАЎДЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ РЕФОРМАЛАРЫ ӘМЕЛДЕ
Күшли социаллық сиясат жүритиў – гәрезсизлик жылларында Өзбекстан Республикасының әҳмийетли  бағдарларының бири болды.
Мәмлекетимиздиң буннан былайда раўажланыўының баслы бағдарларын белгилеп бериўши Ҳәрекетлер стратегиясында социаллық тараўды раўажландырыўда халықтың бәнтлиги ҳәм реал дәраматларын асырыў, социаллық қорғаў, ҳаял-қызлардың жәмийет турмысындағы белсендилигин асырыў, социаллық инфрадүзилмени, ден саўлықты сақлаў, билимлендириў тараўын раўажландырыў, жаслар сиясатын жетилистириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилип бүгинги күнде орынланыўы тәмийинленбекте.
Бул ўазыйпалардың 2020-жылда орынланыўы жағдайы бойынша тоқталып өтсек.
2020-жылдың 6 ай жуўмағына тийкар, Өзбекстанда халық саны 34 миллион 191 мың 700 адамды қурайды.  Мийнет базарында 12 736 615 адам жумыс пенен бәнт болып, 1 944 036 адам жумыссыз есапланады, яғный жумыссызлық дәрежеси 13,2 ни қурайды.
Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жылда бир қатар норматив-ҳүжжетлер қабыл етилди.
“Исбилерменлик искерлиги ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары менен өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған искерлик (хызметлер, жумыслар )түрлериниң саны 67 ге жетти.
Халықтың қыйтақ жерлерден пайдаланыў нәтийжелилигин асырыў, қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша Президент қарарлары қабыл етилди.
Мәмлекетимизде Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-куўатлаў министрлигиниң шөлкемлестирилиўи жәмийетте социал-мәнәўий орталықты жақсылаў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының артықша ўазыйпаларының қысқартылыўы олар жумысларын сапа тәрептен жаңа басқышқа көтериў, халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламын мәнзилли қоллап-қуўатлаўға тийкар болды.
Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин асырыў бағдарындағы реформалар үзликсиз даўам етпекте.
Атап айтқанда, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың жәмийет ҳәмде мәмлекет жумысларын басқарыўда, сайлаў процессинде теңдей қатнасыўды, ден-саўлықты сақлаў, билимлендириў, пән, мәденият, мийнет ҳәм социаллық қорғаў тараўларында теңдей ҳуқық ҳәмде имканиятлардың мәмлекет тәрепинен тәмийинлеўши ҳәм ҳаял-қызларды ҳәр қандай басым
ҳәм зорлықлардан қорғаў, бундай жағдайға қарсы гүресиўдиң анық механизми енгизилди.
Ҳаял-қызлар ушын жоқары оқыў орнына кириўде 4 пайызлы қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы таңлаўда қатнасыўға усыныс бериў бойынша Реже тастыйықланды. Бундай усыныслар социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларға ажыратылыўы белгиленди. 2020/2021-оқыў жылында республика бойлап күндизги тәлимге 940 қосымша квота ажыратылды.
2020-жыл мәмлекетимизде короновирус инфекциясы кирип келиўи мүнәсибети менен қатан карантин шаралары енгизилди.
Карантин шәраятында халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Коронавирус пандемиясы ўақтында социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Пәрманы менен “темир дәптер”ге киргизилген ҳәм ағзалары 1,7 миллионнан аслам болған 400 мыңнан көбирек шаңарақларға Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиў, 2020-жыл 1-сентябрьден баслап пенсиялар, балалықтан майыплығы болған шахсларға, зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақалардың муғдары 1,1 есеге артырылыўы, төлеў мүддетти 2020-жылдың июль-сентябрь айларында тамамланатуғын балалары болған шаңарақларға ҳәм бала тәрбиясы менен шуғылланатуғын аналарға напақа төлеў гезектеги 6 ай мүддетке (бала 2 жас ҳәм 14 жастан аспаған жағдайда) даўам еттирилиўи белгиленди.
Соның менен бир қатарда, халықтың үй-жайға болған мүтәжлигин есапқа алып, ипотека базарын раўажландырыў мақсетинде 2020-жылдың 1-май сәнесинен баслап 2022-жыл 1-январьға шекем физикалық шахсларға жеке пудрат шөлкемлери тәрепинен таяр ҳалда тапсырыў шәртисиз қурылған квартираларды бирлемши үй-жай базарында сатып алыў ушын ипотека кредитлерин ажыратыўға рухсат берилди.
Жуўмақлап айтқанда, халықты социаллық жәрдемге мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, социаллық тараў ҳәм усы тараўдағы халыққа көрсетилетуғын хызметлерди сапа тәрептен жаңа басқышка көтериўши реформалар халықтың мүнәсип турмыс кешириўин тәмийинлеўге хызмет етиўи менен де әҳмийетли есапланады.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими