Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ӘДИЛЛИК МИНИСТРИНИҢ 2020-ЖЫЛ 6 АЙЫ (1-ЯРЫМ ЖЫЛЛЫҒЫ) ДАЎАМЫНДА ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛҒАН ЖУМЫСЛАРЫ БОЙЫНША ЕСАБАТЫ


Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпасы есапланады.
Бул бағдарда 2020-жылдың 6 айы даўамында министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында:
Министрликке жәми 2 мыңға жақын мүрәжат келип түсип, судларға 1 млрд. 523 млн сумлық даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Әдиллик министрлигине келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет, үй-жай, социаллық қорғаў ҳәмде жер ажыратыў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен карантин дәўиринде пуқаралардың социаллық тармақлар арқалы билдирилген тийкарғы мәселе ҳәм машқалалары үйренилип шығылды.
Үйрениў даўамында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен усы жылдың январь, февраль ҳәм март айларында тайынланған напақа пуллары тийисли шаңарақларға өз ўақтында төлеп берилмей атырғанлығы ҳәм март, апрель айларында төлеў мүддетлери тамамланған напақалар үзликсиз даўам еттирилмей атырғанлығы ҳалатлары көплеп анықланды ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының напақаларды тайынлаў ҳәм төлеў саласындағы искерлигинде мониторинг өткерилди.
Мониторинг даўамында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен напақаларды тайынлаў ҳәм төлеў саласында бир қанша нызамбузылыўшылық жағдайларына жол қойылғанлығы мәлим болды.
Яғный, тийисли шаңарақларға напақалар арза бериўшиниң пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына мүрәжат қылған айдың кейинги айынан баслап төлеп берилмеген болса, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-апрелдеги ПФ-5978-санлы Пәрманы талаплары бузылған ҳалда напақаларды төлеў тәнеписсиз даўам еттирилмеген.
Қолланылған тәсир шаралары нәтийжесинде тийисли шаңарақларға 301.879.786 сумлық напақа пуллары төлеп берилген болса, Президент Пәрманына тийкар тәнеписсиз даўам еттирилместен турған жәми 85 шаңарақларға напақалар тәнеписсиз даўам еттирилиўине ерисилди.
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 150 ге жақын үйрениўлер өткерилип, 5 мыңға жақын нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды.
Үйрениўлер нәтийжесинде 2020-жылда мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 406 усыныслар киргизилип, бул усынысларға тийкар, мәмлекетлик органлардың 17 қарарлары бийкар етилди, киргизилген усынысларға тийкар 3 млрд. 234 млн. сум пул қаржылары қайтарылған.
Ҳуқықый хызмет көрсетиў тараўында Мәмлекетлик нотариал кеңселери тәрепинен халқымызға 46 мыңнан артық нотариал хызметлер  көрсетилип, Қарақалпақстан Республикасы БЮДЖЕТИНЕ 9,5 млрдтан аслам қаржы түсирилди.
Кейинги жылларда нотариат институтын раўажландырыў, оны жәнеде жетилистириў ҳәм халқымызға көрсетилетуғын ҳуқықый хызметлердиң сапасын асырыў мақсетинде бир қатар норматив ҳүжжетлер қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 31.01.2020-жылғы 54-санлы қарары талапларына муўапық, усы жылдың 25-март күни Өзбекстан Нотариал палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы министрлик тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өткерилип, жумысларын баслады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 16.03.2020-жылғы 156-санлы қарарының талапларына муўапық, 46 мәмлекетлик нотариал кеңселери нотариусларына жеке әмелият пенен шуғылланыўға рухсат бериўши лицензиялар берилди.
Адвокатура тараўында:
Бүгинги күнде Республика аймағында жәми 74 адвокатлық дүзилмеси өз искерлигин көрсетип атырған болса, соннан 2 адвокатлар коллегиясы, 5 адвокатлар фирмасы ҳәмде 67 адвокатлық бюроларында жәми 111 адвокатлар жумыс ислеп келмекте.
Есабат дәўиринде жәми 2 талабанға адвокатлық лицензиялары берилди, 3 адвокатлық бюросы мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Юридикалық хызметлердиң жумысларын муўапықластырыў тараўында:
Бүгинги күнде мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлерде 255 юридик хызмет ўәкиллери бар болып, 29 юрист 2020-жылда Әдиллик министрлигинен сәўбеттен өткерилип, лаўазымға тайынланды.
Ҳуқықый экспертиза тараўында:
Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының 57 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алынды.
Белгиленген талапларға әмел етпей усынылған 7 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилмей қайтарылды.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин еледе асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Усы Пәрман менен “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция”сы тастыйықланды.
Бул салада министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен 7 мыңнан аслам үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Халыққа бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў мақсетинде орынларда “Стрит лоу” жойбарлары өткерилди.
Хабарыңыз бар, Республика арнаўлы комиссиясының қарары менен ғалабалық илажлар өткерилмеўи белгилеп берилди.
Пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатлар, халқымыздың күнделикли турмысында ушырасатуғын мәселелер миграция, материаллық жәрдем, жер, үй-жай алыў, коммунал хожалық, жеңилликлер, алимент, жумысқа жайластырыў, билим алыў ҳәм басқалар бойынша үгит-нәсият жумыслары мәнзилли түрде алып барылды.
Халқымызға бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў мақсетинде “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми ҳәм оның аймақлық бюролары шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ, Әмиўдәрья, Беруний районларында бюролар өз искерлигин әмелге асырмақта.
Бүгинги пандемия шәраяты ҳәммемиз сынаўлы дәўир болмақта. Жаңа тәртиплер, нызам-қағыйдалар өзгеше турмыс тәризин пайда етти.
Усындай шәраятта пуқаралардың ҳуқықый мәсләҳәтке болған мүтәжлигин тәмийинлеў мақсетинде @huquqiy_maslahatbot, @notarius, @davxizmataloqa_bot сыяқлы телеграм ботлары ашылып, олар арқалы аралықтан турып пуқаралардың мүрәжатларына ҳуқықый түсиник ҳәм мәсләҳәтлар берип барылмақта.
@huquqiy_maslahatbotында пуқараларға барлық мәселелер бойынша мүрәжат етиў имканияты жаратылған. Ботқа бүгинги күнге шекем 6 мыңнан аслам мүрәжатлар келип түсти.
Үгит-нәсият жумыслары министрлик ҳәм әдиллик бөлимлериниң социаллық тармақларында да алып барылмақта.
Ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў тараўында:  
Бул бойынша 10 мәмлекетлик шөлкемде үйрениўлер өткерилип, үйрениўлер нәтийжесинде 446 нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды.
Буннан тысқары, “Әдиллик исбилерменге дос” жойбары шеңберинде исбилерменлерге олардың ҳуқықларын түсиндириўге қаратылған семинарлар барлық районлар ҳәм Нөкис қаласында өткерилди.
Исбилерменлердиң нызамлы мәплерине қайшы келетуғын нызамсыз қабыл етилген 2 ҳүжжет бийкар етилди. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1023-санлы Қарары менен тастыйықланған “Исбилерменлик
ҳәм қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы бериў тәртиби ҳаққында”ғы Режеде әдиллик органларына мәмлекетлик орган ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен сөзсиз әмел етиўи бойынша системалы қадағалаў ҳәм мониторингди әмелге асырыў ўазыйпасы жүклетилген.
Усы жылдың 14-25-май күнлери Реже талапларына әмел етиў жағдайы “YERELEKTRON” автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы үйрениў өткерилди.
Үйрениўлер даўамында 43 жер участкасы әдиллик органлары араласыўы менен аукционға шығарылды. Үйрениў нәтийжесинде анықланған нызамбузыўшылық жағдайлары бойынша 137 тәсир шаралары қолланылды.
Усыннан 32 ҳәкимшилик усыныс, 50 усыныс ҳәм 56 ескертиўлер болып есапланады.
Үйрениўлер даўамында анықланған нызамбузылыў жағдайларын сапластырыў мақсетинде тәсир шараларын қоллаў менен шекленбестен, әмелдеги нызам-ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар берилди.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими