Янгиликлар
21
Сораған_едиңиз
Сораў: Бала күтими дем алысым тамам болғанлығы себепли жумысқа шықпақшы едим. Мениң орныма ўақытынша жумысқа алынған хызметкер ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысына шыққан екен. Усы хызметкердиң дем алыстан шығыўын керек екенлигин айтты. Бул жағдайда жумысқа шықсам болама?
Жуўап: Аўа, усы жағдайда ис бериўшиге арза менен мүрәжат етип, жумысқа шығыўыңыз мүмкин.
Мийнет кодексиниң (https://lex.uz/docs/142859) 105-статьясында жумыс орны (лаўазымы) сақланыўы лазым болған хызметкердиң жумысда болмаған ўақытына мөлшерлеп дүзилген мийнет шәртнамасы сол хызметкер жумысқа қайтқан күннен баслап бийкар етилиўи белгиленген.
Сол менен бирге, ис бериўши Сизиң орныңызда ўақытыншалық ислеп ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысына шыққан ҳәялды да дем алыстан қайтқаннан соң жумыс пенен тәмийинлеўи шәрт.
Себеби, Кодекстиң 237-статьясында ис бериўши мүддети тамамланғанлығы себепли мийнет шәртнамасы бийкар етилген ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм үш жасқа толмаған баласы бар ҳаялларды жумысқа жайластырыўы шәртлиги белгиленген.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими