Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Әдиллик_хабары


Биринши мәрте техникалық ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде ҳуқықый экспертизадан өткерилди: ҳүжжет пандемия дәўиринде бақшаларға қойылатуғын санитариялық талаплары ҳаққында

«COVID 19 пандемиясы дәўиринде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумыс искерлигине қойылатуғын ўақытыншалық санитариялық-гигиеналық талаплар» Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде ҳуқықый экспертизадан өткерилди ҳәм есапқа алынды.
Усы ҳүжжет COVID-19 инфекциясы тарқалыў қәўипи менен байланыслы санитария-эпидемиологиялық жағдайда, түри, шөлкемлестириў-ҳуқықый ҳәм мүлкшилик формасына қарамастан, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери (МШБШ)ниң жумыс искерлигине қарата қолланылады.
Ҳүжжетке көре, МШБШға балаларды қабыл етиў ўақытында төмендеги тийкарғы қағыйдаларға әмел етиў әҳмийетли есапланады:
- тәрбияланыўшыны алып келиўши ҳәм алып кетиўши шахс ҳәм тәрбияланыўшылар МШБШға медициналық ниқап тәртибине әмел еткен ҳалда барады;
- тәрбияланыўшының алып келиўши ҳәм алып кетиўши шахсларға МШБШ аймағына кириўи қадаған етиледи;
- тәрбияланыўшына МШБШның жуўапкер хызметкери қабыл етип алады ҳәмде медициналық хызметкер тәрепинен «азанғы фильтр» өткериледи ҳәм көрсеткишлер арнаўлы журналға дизимге алынады;
- тәрбияланыўшы «азанғы фильтр»ден өткеннен кейин топарға кириўден алдын медициналық ниқапты шешеди, кийим ҳәм аяқ кийимин алмастырады, соң МШБШ хызметкери бақлаўында 20 секунтдан кем болмаған мүддетте қолларын сабын менен жақсылап жуўады;
- МШБШда тәрбияланыўшылардың дене температурасы кеминде 2 мәрте (МШБШға келгенде ҳәм үйге қайтыўдан алдын) ҳәм ыхтыяж болғанда өлшенеди.
Сондай-ақ, ҳүжжетте тәрбияланыўшыларды қәўипсиз билим алыўы ҳәм тәрбияланыўын шөлкемлестириў ис-илажларыда белгиленген.
Атап айтқанда, ойынларды өткериўде тәрбияланыўшылар топарлық өз-ара қатнасықларды шеклеў арқалы 2-3 баладан ибарат киши топарларға бөлинеди.
Еслетип өтемиз, Президенттиң тийисли Пәрманына (https://www.lex.uz/docs/4820060) көре, техникалық ҳүжжетлер усы жылдың 1-июлынан баслап Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде мәжбүрий тәртипте ҳуқықый экспертизадан өткериледи ҳәмде унамлы жуўмақ алынғаннан соң есапқа алынады ҳәм күшке киреди.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими