Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

Билесизбе


Нызамшылыққа муўапық (http://lex.uz/docs/1076015#1076272), бир қатар шахсларға автомобиль бензинин сатып алыўға қәрежетлердиң бир бөлеги ушын айлық пул компенсациясы төленеди. 2019-жыл 15-августтан компенсация муғдары 75 000 сумды қурайды (http://lex.uz/docs/4453953).

Компенсация алыў ҳуқықына ийе шахслар дизими:
- урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген шахслар;
- урыс ветеранлары ҳәм оларға теңлестирилген шахслар;
- мийнетте майып болыў ҳәм кәсип кеселлиги себепли I ҳәм II топар балалықтан майыплар;
- I ҳәм II топар балалықтан майыплар.
Компенсацияны тайынлаў ушын пенсиялар ҳәм напақаларды тайынлайтуғын уйымларға төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- арза;
- паспорт нусқасы;
- жеңилликке ийе болған ҳуқықлар ҳаққындағы гүўалықлар нусқалары (урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплары ҳәмде оларға теңлестирилген шахслар ушын);
- медицина-мийнет эксперт комиссияларының мағлыўматнамалары нусқалары (мийнетте майып болыў, кәсип кеселлиги себепли майыплар ҳәм балалықтан майыплар ушын);
- автотранспорттың техникалық паспорты нусқасы;
- айдаўшылық гүўалығы нусқасы ямаса Екинши жер жүзлик урысы майыбы менен турақлы бирге жасайтуғын ҳәм ол менен бир турақ жай майданында дизимнен өткен шаңарақ ағзасының айдаўшылық гүўалығы, паспорт нусқалары ҳәм ол тәрепинен автотранспорт қуралынан пайдаланыў ҳуқықына исеним хат.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими