Янгиликлар
19
Халықаралық_күн
БМШ Бас Ассамблеясының 2008-жыл 11-декабрьдеги 63-сессиясында қабыл етилген A/RES/63/139-санлы резолюциясына тийкар 19-август Халықаралық адамгершилик жәрдеми күни
(World Humanitarian Day) деп жәрияланған.
2003-жыл 19-август күни БМШниң Бағдад қаласындағы ўәкилханасында жүз берген терроршылық ҳәрекети нәтийжесинде 22 адам қайтыс болған, олардың арасында шөлкемниң белгили ўәкили Сержиу Виейра ди Меллу да бар еди.
Усы күнде өз адамгершилик миннетин орынлаў жолында жанын пидә еткенлер, миллионлап адамларға адамгершилик жәрдеми көрсетип атырғанлар итибарға алынады.
Сондай-ақ, бул күн дүнья бойлап адамгершилик жәрдемине турақлы зәрүрлик бар екенлигин ҳәм бул бағдарда халықаралық бирге ислесиў әҳмийетли екенлигин еслетип турады
Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими