Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

Сораған едиңиз


Сораў:  Бизлер ҳаялым менен автомашинаны 19 жастағы баламызға саўға етип бермекши едик, ҳаялыма усы автомашина анасынан саўға ретинде өткен еди. Баламызға автомашинаны саўғаға бериў ушын мениң нотариусқа барып келисим бериўим шәрт пе?

Жуўап: Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 25-статьясына тийкар, ерли-зайыплының некеге шекем тийисли болған мал-мүлки, сондай-ақ, олардың бирине саўға, мийрас яки басқада бийпул питимлер тийкарында алынған мүлк олардың ҳәр бириниң жеке мүлки болып табылады. Бул талап Өзбекстан Республикасы Әдиллик министри тәрепинен 04.01.2019-жыл 2-мҳ-санлы буйрығы менен тастыйықланған «Нотариуслардың нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў тәртиби ҳаққында»ғы Қолланбаның  29-бәнтинде де белгиленген.
Солай етип, автомашина ҳаялыңыздың жеке мүлки болғанлығы себепли автомашинаны балаңызға саўғаға бериўде нотариус тәрепинен Сизиң келисимиңиз талап етилмейди.

Ҳуқықый хызмет көрсетиўди мәмлекет тәрепинен
тәртипке салыў бөлими баслығы Т.Караматдинов