Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

Сораған едиңиз


#Сораған_едиңиз

Сораў: Автотранспорт қуралын басқарыў ушын исеним хат бермекши едим, бирақ нотариус ҳүжжетлеримдеги мағлыўматларды өзиниң Нотариус программасы арқалы киргизгеннен соң менде Мәжбүрий орынлаў бюросынан ЖҲҚБ тәрепинен қойылған жәрийма бар екенлиги, сонлықтан маған 111.500 сум жәрийманы төлеп келсем ғана нотариал ҳәрекетти әмелге асырыўы мүмкинлигин айтты, нотариустың ҳәрекети дурыс па?

Жуўап: Өзбекстан Республикасы Әдиллик министри тәрепинен 04.01.2019-жыл 2-мҳ-санлы буйрығы менен тастыйықланған «Нотариуслардың нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў тәртиби ҳаққында»ғы Қолланбаның 27-бәнтине көре, нотариус тәрепинен «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы көшпес мүлк ҳәм автотранспорт қураллары менен байланыслы питимлерди тастыйықласмастан бурын Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының мағлыўматлар базасы арқалы физикалық ҳәм юридикалық шахслардың электр энергиясы, тәбийий газди жеткерип бериў, суў аты ҳәм суўды шығарыў хызметлери, сондай-ақ, орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлығы бар яки жоқ екенлигин тексерилгеннен соң әмелге асырылады. Бул жерде тексериў өткерилген сәне ҳәм ўақыт көрсетилген ҳәмде арнаўлы QR-кодына ийе болған тексериў нәтийжелери ҳаққында мағлыўматнама шығарылады ҳәм тийисли ҳүжжетлер жыйындысы менен бирге тигиледи.
Солай етип, нотариус Сизге дурыс ҳуқықый түсиник берген, яғный егер Мәжбүрий орынлаў бюросының мағлыўматлар базасында қарыздарлық бар болса бул нотариал ҳәрекет әмелге асырылыўы қарыздарлық сапластырылмағанша нотариал ҳәрекетти әмелге асырыў мүмкиншилиги болмайды. Сонлықтан Сиз тийисли тәртипте қарызыңызды төлегеннен соң нотариусқа мүрәжат етип авторанспорт қуралын басқарыў ушын исеним хат бериўиңизге болады.


Ҳуқықый хызмет көрсетиўди мәмлекет тәрепинен
тәртипке салыў бөлими баслығы                                                       Т.Караматдинов