Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

Билесизбе


Яғный кейинги жылдың 1-январь күнинен баслап пуқараларға мәмлекет тәрепинен социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетиўде соралатуғын ҳүжжетлер саны кескин қысқарады.
Бирден бир социаллық реестр арқалы 2021-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен социаллық хызметлер ҳәм жәрдем көрсетиўде пуқаралардан талап етилмейтуғын ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматлар дизими тастыйықланды.
Бул дизимге төмендегилер киргизилген:
1. Турақлы жасаў жеринде дизимнен өткенлиги (прописка) ҳаққында мағлыўматнама
2. Шаңарақ қурамы ҳаққындағы мағлыўматнама, балалар саны ҳәм олардың жасы ҳаққындағы мағлыўматнама, туўылғанлығы, қайтыс болғанлығы, турмыс қурғанлығы, ажырасқанлығы ҳаққындағы гүўалықлар.
3. Автотранспорт қуралы бар я жоқлығы, оның техникалық жағдайы ҳаққындағы мағлыўматнама.
4. Шаңарақтың (шаңарақ ағзаларының) рәсмий дәраматлары ҳаққындағы мағлыўматнамалар.
5. Шаңарақ ағзаларының атындағы көшпес мүлк, оның көлеми, пайдаланыўында болған жердиң бонитети ҳаққындағы мағлыўматнамалар.
6. Жумыс излеўши, жумыссыз, жәмийетлик жумыслар менен бәнтлиги ҳаққындағы мағлыўматнамалар.
7. Пенсия ҳәм напақалары, 1 ҳәм 2 топар майыплығы болған шахслар екенлиги ҳаққындағы мағлыўматнама.
8. Мийнет искерлиги менен ўақытша шуғылланыў имканын бермейтуғын кеселликке шатылғанлығы, майыплық топары, турақлы күтимге мүтәж шаңарақ ағзасы ҳаққындағы мағлыўматнамалар.
9. Банк пластик картасы, төлемлер ҳәм ведомостьларды жибериў, төленбеген пуллар ҳаққындағы есаплар, шаңарақ ағзаларына келип түскен пуллар (денежный перевод), банк пластик картасы қалдықлары ҳаққындағы мағлыўматнамалар.
10. Шаңарақ ағзаларының қымбатлы қағазлар менен әмелге асырған операциялары, дивидендлер алғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнамалар.
11. Студент екенлиги, стипендия муғдары, оқыў формасы (күндизги, сыртқы), оқыў түри (грант, контракт) ҳаққындағы мағлыўматнамалар.
Бул ҳүжжетлердиң барлығы электрон формада тийисли органлар ҳәм мәкемелерден сорап алынады.

Нөкис қаласы әдиллик бөлим
бас мәсләҳатшысы     
Б.Нажимов