Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

02

Коррупцияға қарсы гүресиӯ агентлиги шөлкемлестирилди


Коррупция – шахс, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раӯажланыӯына тосқынлық етиӯши унамсыз иллет есапланады. Аңсат жол менен өз жумысын питкериӯге үйрениӯ, пул менен оқыӯға кириӯ, кәсип ийеси болыӯ бул биринши нәӯбетте адамның жетик шахс, қәниге сыпатында қәлиплесиӯине кери тәсирин тийгизеди. Бул өз нәӯбетинде кадрлар потенциялының жоқарылаӯы, еркин бәсеки орталығының қәлиплесиӯи, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң социал-экономикалық, мәнаӯий турмысының жақсыланыӯына да унамсыз тәсирин тийгизеди.
    Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиӯ бойынша бир қатар норматив-ҳүжжетлер қабыл етилген.
Мине усындай ҳүжжетлердиң бири Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-июньдағы Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы пәрман есапланады.
    Пәрманның тийкарғы мақсети 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаны избе-из әмелге асырыў, сондай-ақ, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық тараўларында коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўге қаратылған мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўдан ибәрат.
    Пәрман менен Өзбекстанда Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги шөлкемлестирилди.
Агентлик коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясатты қәлиплестиретуғынлығы ҳәм әмелге асыратуғынлығы, мәмлекетлик уйымлар, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм басқа да мәмлекетлик емес сектор ўәкиллериниң биргеликтеги нәтийжели жумысын тәмийинлейтуғынлығы, сондай-ақ, усы тараўдағы халықаралық бирге ислесиў ушын жуўапкер болған арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы болып есапланады ҳәм өз жумысын нызамлылық, қалыслық, ҳадаллық, есаплылық ҳәм ашық-айдынлық  принциплери тийкарында басқа мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм олардың мәпдар шахсларынан бийғәрез түрде әмелге асырады, Өзбекстан Республикасы Президентине бойсынады ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының алдында есабат береди.
Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары төмендегилерден ибәрат:
мәмлекетте коррупция жағдайын системалы таллаўды тәмийинлеў, сондай-ақ, коррупцияға байланыслы қәўип-қәтерлер жоқары болған тараўлар және коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың жүз берилиўиниң себеплери менен шараятларын анықлаў;
коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты, сондай-ақ, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың системалы себеплери менен шараятларын сапластырыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў илажларының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған мәмлекетлик ҳәм басқа да бағдарламаларды қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў;
пуқаралардың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыўға қаратылған комплексли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў мәселелерине байланыслы мәлимлемелерди тарқатыў және коррупцияға қарсы гүресиў бойынша оқытыўды шөлкемлестириў арқалы жәмийетте коррупцияның барлық көринислерине маўасасыз қатнасты қәлиплестириў;
министрликлер ҳәм уйымлардың коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы жумысын муўапықластырыў, мәмлекетлик уйымлар, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм басқа да мәмлекетлик сектор ўәкиллериниң бул мәселелер бойынша биргеликтеги нәтийжели жумысын шөлкемлестириў;
мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм устав капиталында мәмлекетлик үлеси болған кәрханалар, соның ишинде, банклерде коррупцияға қарсы  ишки қадағалаў системасы («комплаенс-қадағалаў») ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўдиң басқа да халықаралық қуралларын енгизиў ҳәм нәтийжели жумыс ислеўин шөлкемлестириў, заманагөй усыллар ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары тийкарында коррупцияға қарсы мониторинг алып барыў, сондай-ақ, олардың усы тараўдағы жумысы бойынша рейтингин дүзиў;
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларын коррупцияға қарсы экспертизасының нәтийжелилигин тәмийинлеў, сондай-ақ, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы нызамшылықты жетилистириў, халықаралық стандарларды ҳәм алдынғы сырт ел әмелиятын енгизиў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
мәмлекетлик хызметкерлердиң дәрамат ҳәм мүлкин декларациялаў системасының енгизилиўи ҳәм нәтийжели жумыс ислеўди және декларациялардың дурыс екенлигиниң тексерилиўин шөлкемлестириў, сондай-ақ, бул процессте анықланған коррупция жағдайларына өз ўақтында тәсир етиў илажлары көрилиўин тәмийинлеў;
мәмлекетлик хызметке ҳадаллық стандарты («ҳадаллық вакцинасы») ҳәм мәплердиң соқлығысыўын шешиў стандартларын енгизиўде жәрдем бериў бойынша тәсиршең илажларды көриў, сондай-ақ, оларға әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;
бюджет қаржылары, халықаралық ҳәм сырт мәмлекетлердиң қарызларынан пайдаланыў, мәмлекетлик активлерди реализациялаў ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында коррупцияға қарсы қадағалаў системасының нәтийжелилигин таллаў, сондай-ақ, оны жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм мәмлекеттиң имиджин беккемлеў ҳәм оның халықаралық рейтинглердеги орнын арттырыў бойынша илажларды әмелге асырыў;
коррупцияның жағдайы, тенденциялары ҳәм себеплери және коррупцияға қарсы илажлар көриўдиң нәтийжелилиги бойынша социологиялық, илимий ҳәм басқа да изертлеўлерди шөлкемлестириў, коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўдиң тәсиршеңлигин арттырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша жумыстың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сол мақсетте ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм мәмлекетлик емес сектордың басқа да ўәкиллери менен нәтийжели бирге ислесиўди әмелге асырыў.
Сондай-ақ Пәрман менен агентликке Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери ушын коррупцияға қарсы гүресиў бойынша тармақтың Стамбул ҳәрекетлер бағдарламасы шеңберинде жумыслар да ислеп шығылған усыныслардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў, БМШтың Коррупцияға қарсы конвенциясы ҳәм Өзбекстан Республикасының коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы басқа да халықаралық шәртнамалары қағыйдаларының орынланыўына байланыслы илажларды әмелге асырыў ҳәм усы бағдардағы жумысты муўапықластырыў бойынша Өзбекстан Республикасы миллий координаторы ўазыйпасы ҳәм ўәкилликлери жүкленди.
Мағлыӯмат ушын айтып өтиӯимиз лазым, бүгинги күнде дүньяжүзинде коррупцияға қарсы гүресиӯ стандарты ислеп шығылған. Бул ISO 37001:2016 «Коррупцияға қарсы басқарыў системалары – пайдаланыў ушын талаплар ҳәм усыныслар» халықаралық стандарты есапланады.
Бул стандарт шөлкемлерге коррупцияға қарсы басқарыў системасын ислеп шығыў, енгизиў, қоллап-қуўатлаў, анализлеў ҳәм жетилистириў ушын талапларды ҳәм басшылыққа алынатуғын көрсетпелерди белгилейди.
Усы стандарт бойынша басқарыў системасын енгизиў:
-ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў, мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда коррупция фактлери ҳаққында мағлыўмат алыўға;
- мәмлекетлик кеңселеринде орайлық аппарат ҳәм аймақлық дүзилмелер кесиминде коррупция жағдайы ҳәм тенденциялары ҳаққындағы мағлыўматларды топлаў ҳәм анализлеўге;
-мәмлекетлик кеңселер, тармақлар, аймақлар ҳәм коррупция түрлери кесиминде коррупция жағдайы ҳәм тенденциялары мониторингин әмелге асырыўға;
-пуқаралардың, хызметкерлердиң мүрәжатлары бойынша бирден бир система ҳәм мағлыўматлар базасын жаратыў, сондай-ақ мәмлекет хызметинде коррупцияға қарсы оқытыў ҳәм хадаллық бойынша хызметкерлер маманлығын асырыўға хызмет етеди.
ISO 37001:2016 стандарты  Малайзия ҳүкимети тәрепинен енгизилген. Microsoft компаниясы усы сертификатқа ийе.
Мәмлекетлик уйым ҳәм басқа ҳәр қандай шөлкем ISO 37001:2016 сертификатын алыў арқалы мәмлекетлик кеңселер ҳәм басқа мәпдар шахсларға ҳәмде өзиниң шериклерине коррупция жағдайларының алдын алыў, анықлаў ҳәм сапластырыў ушын зәрүр болған барлық халықаралық стандартларға муўапық әмелге асырылып атырғанлығын көрсетиўи мүмкин болады.

Хуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыӯшылық бөлими
жетекши мәсләҳәтшиси                                 Н.Кутлымуратова