Янгиликлар
07
Билесизбе
Нызамшылыққа көре, Өзбекстан ЖОО студентлерине академиялық дем алыс төмендеги жағдайларда берилиӯи мүмкин:
- әскерий хызметти өтеӯ ушын;
- ден саӯлығын тиклеӯ ушын;
- ҳәмиледарлық ҳәм туӯыӯ ушын;
- балалар күтими ушын.
Академиялық дем алыс оқыӯ жылының ҳәр қандай бөлиминде, төмендеги мүддетлерге бериледи:
- әскерий хызметти өтеӯ ушын – әскерий хызметти өтеӯ мүддетине;
- саламатлығын тиклеӯ ушын – 12 ай мүддетке;
- ҳәмиледарлық ҳәм туӯыӯ, сондай-ақ балалар күтими ушын – ҳәмиледарлық ҳәм туӯыӯ, сондай-ақ балалар күтими дем алыслары мүддетине.
Студентлерге оқыӯ даӯамында 2 мәрте, (медициналық билимлендириӯ мәкемелери студентлерине 3 мәртеге шекем) академиялық дем алыс берилиӯи мүмкин.
1-курс студентлерине академиялық дем алыс тек ғана олардың кеселлиги себепли бериледи.
Академиялық дем алыс дәӯиринде стипендиялар төленбейди.
Нөкис қаласы әдиллик бөлими
бас мәсләҳатшысы
Б.Нажимов