Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

07

Кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын жеңилликлер дизими тастыйықланды


Президент қарарына муўапық, «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме системасына кем тәмийинленген шаңарақ сыпатында киргизилген шаңарақларға мәмлекет тәрепинен бийпул яки жеңиллетилген шәртлерде көрсетилетуғын хызметлер ҳәм жәрдемлер дизими тастыйықланды.
Бул дизимге төмендегилер киреди:
- мәмлекетлик балалар бақшасында ата-аналар төлемлеринен азат етиў;
- балалар бақшаларында белгиленген муғдарда ата-аналар төлемлерин төлеў;
- мектеп сабақлықлары ушын ижара төлемлеринен азат етиў;
- мектеп оқыўшылары ушын қысқы кийим-кеншек бериў;
- айырым пәнлерди оқытыўға қәнигелестирилген мектеп оқыўшыларын аўқатланыў қәрежетлеринен азат етиў;
- көркем-өнер, музыка мектеплери, «Бәркамал әўлад» орайлары ҳәм басқа мектептен тыс билимлендириў мәкемелеринде оқыў қәрежетлеринен азат етиў;
- шаңарақлардың майыплығы болған ағзаларын протез-ортопедия буйымлары менен тәмийинлеў;
- қәнигелестирилген медициналық мәкемелерде бийпул арнаўлы (амбулатор яки күндизги) медициналық жәрдем көрсетиў бойынша жоллама (ордер) алыў.
Бул дизимге қосымша басқа да хызметлер ҳәм жәрдемлер киргизилиўи мүмкин.

Нөкис қаласы әдиллик бөлими
бас мәсләҳатшысы          
Б.Нажимов