Янгиликлар
07
Суў машқала болған аймақлардағы шаңарақларға жер астынан суў шығарыўға мәмлекет тәрепинен пул ажыратылады
Ҳүкиметтиң 30.07.2020-жылдағы 459-санлы қарарына муўапық, суў тәмийнаты аўыр болған аймақлардағы халықтың қыйтақ жерин ҳәм аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған жер майданларын суўғарыў ушын төмендеги мақсетлерде мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылады:
- вертикал суўғарыў қудықларын бурғылаў ҳәм иске түсириў;
- дәрьялар, каналлар ҳәм басқа суў объектлеринен суў шығарыў үскенелерин сатып алыў ҳәм орнатыў.
Бунда пуллар төмендеги муғдарларда ажыратылады:
- қыйтақ жерди суўғарыў ушын тереңлиги 10 метрден артық болған вертикал суўғарыў қудығын бурғылаў ҳәм иске түсириў ушын қудықтың ҳәр бир метрине 100 мың сўмнан, бирақ БЕМның 50 есесине (11,150,000 сўмға) шекем.
Мәселен, пуқараның қыйтақ жерин суўғарыўға 50 метр тереңликтен суў шығарыў ушын мәмлекет 5,000,000 сўм пул ажыратады.
- аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған жердиң 1 гектарын пайдаланыўға киргизиў менен байланыслы қәрежетлердиң 50% муғдарында, бирақ БЕМның 50 есесине (11,150,000 сўмға) шекем;
- егер 30 пуқараның қыйтақ жерине вертикал қудық бурғылаў ҳәм орнатыў керек болса, онда қәрежетлердиң 70% муғдарында, бирақ 120 млн. сўмға шекем.
Мағлыўмат ушын. Субсидия – бул мәмлекет тәрепинен халықтың айырым қатламларына жәрдем сыпатында белгили мақсет ушын ажыратылатуғын ҳәм қайтарып алынбайтуғын пул.
Нөкис қаласы әдиллик
бөлими баслығы
А.Е.Атажанов