Янгиликлар
06
Тартысларды шешиўдеги реформалар
Тартысларды шешиўдеги реформалар
Мəмлекетимизде мамлекетлик органларының халық пенен байланысын жетилистириў пуқаралардың ҳуқық ҳəм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тəмийинлеў ҳəмде олардың машқалаларын шешиўдиң заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша бир қатар жумыслар əмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, бул тараўдағы реформалардың ҳəзирги басқышы Мəмлекетлик органларында тартысларды судқа шекем көрип шығыўдың жеке системасын жаратыў, медиация, төрешилик судлары ҳəмде халық аралық арбитражларды пуқаралар ҳəмде исбилерменлердиң исенимине ерисетуғын, тартысларды шешиўши нəтийжели институтларға айналтырыўға зəрүрлик туўылмақта.
Көп жыллық ҳəм халық аралық тəжирийбелерге сүйенген ҳалда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 17-июнь күнги 4754-санлы “Тартысларды альтернатив түрде шешиўдиң механизмлерин жəнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Қарары қабыл етилди.
Бул қарар бойынша əмелге асырылатуғын бир қанша реформаларды айтып өтиўимиз мүмкин. Мысалы, Мəмлекетлик бажхана комитети, жер ресурслары, геодезия, картография хəм Мəмлекетлик кадастры мəмлекетлик комитети,финанс министрлиги жанындағи бюджеттен тасқары Пенсия қоры ҳəмде Наманган, Бухара ҳəм Ташкент ўəлаятлары ҳəкимликлери жанында физикалық ҳəм юридикалық шахслар ҳəмде Мəмлекетлик органлары ортасындағы тартысларды судқа шекем шешиў бойынша апелляция кеңеслерин (кейинги орынларда — Апелляция кеңеси) шөлкемлестириў;
Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың Мəмлекетлик органлары яки лаўазымлы шахслардың нызамсыз ис-ҳəрекетлери (қарарлары) яки ҳəрекетсизлиги нəтийжесинде өз ҳуқықлары ҳəм еркинликлари ҳəмде Нызам менен қорғалатуғын мəплери бузылғанлығы ҳаққындағы мүрəжаты Апелляция кеңеси тəрепинен көрип шығылыўы тəртибин орнатыў белгиленди.
Соның менен бирге, бул тəртип физикалық ҳəм юридикалық шахслардың бундай ислер бойынша туўрыдан-туўры басқа ўəкилликли мəмлекетлик органларына мүрəжат етиў ҳуқықын шеклемейди.
Сондай-ақ қарар менен төмендегилер апелляция кеңеслериниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:
Физикалық ҳəм юридикалық шахслар ҳəмде Мəмлекетлик органы ортасында жүзеге келетуғын тартысларды судқа шекем көрип шығыў ҳәм жуўмақ қабыл қылыў арқалы оларды шешиў шараларын көриў;
Мүрəжатты көрип шығыўда нызам ҳүжжетинде түрлише түсиниклер берилиўи мүмкин болған нормалар анықланған, ол əмелиятта натуўры яки қолай болмаған түрде қолланылған жағдайда, оларды белгиленген тəртипте рəсмий шолыўлар бериўди шөлкемлестириў бойынша шараларды көриў;
Мүрəжатты көрип шығыўда анықланған нызам ҳүжжетлериндеги бослықларды сапластырыў бойынша усыныслар киритиў.
Бул əмелге асырылып атырған реформалар нəтийжесинде жəмийетимиздиң еледе раўажланыўына, инсан ҳуқықларының тəмийинлениўине, тартыслы жағдайлардың ашықлық принципине тийкарланған ҳалда шешилиўине исенип қаламыз.
Қараөзек районы əдиллик бөлими баслығы О.Джуманиязов