Янгиликлар
04
Усы жыл 1-классқа қабыл етиӯ қалай болып атыр?
Усы жыл 1-классқа қабыл етиӯ қалай болып атыр?
Усы күнлерде балаларды мектеплердиң 1-классына қабыл етиӯ процесси даӯам етпекте.
Нызамшылыққа көре (https://www.lex.uz/docs/3137130), 1-классқа 6-7 жаслы балалар медициналық жуӯмаққа муӯапық таярлық дәрежесине қарамастан, таңлаӯсыз қабыл етиледи (музыка ҳәм көркем-өнерге қәнигелестирилген билимлендириӯ мәкемелери буннан тысқары).
Қабыллаӯ жумыслары июнь – август айларында шөлкемлестириледи.
Баланың ата-анасы төмендеги ҳүжжетлерди тапсырады:
- арза;
- ата-ананың паспорт нусқасы;
- баланың туӯылғанлық ҳаққындағы гүӯалығы нусқасы;
- баланың ден саӯлығы ҳәққындағы мағлыӯматнама;
- баланың 3,5 х 4,5 см көлемдеги 4 дана реңли фотосүӯрети.
Усы жылда мектептиң 1-классына оқыӯшылар қабыллаӯы 31-июльға шекем мектеп бириктирилген микроаймақ шеңберинде әмелге асырылады.
Микроаймақ шеңберинен тысқарыда болса усы жылдың 25-августына шекем қабыллаӯ әмелге асырылады (https://t.me/mtrkuzofficial/11781).
Пандемия шәраятында 1-классқа қабыллаӯ процессинде адамлардың бир орында топланып қалыӯы ҳәм артықша әӯерегершиликлерди сапластырыӯ мақсетинде Ташкент қаласында тәжирийбе сыпатында нәӯбетке жазылыӯ процессин онлайн тәризде www.qabul.maktab.uz веб-порталы арқалы әмелге асырыӯ имканияты жаратылған.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыӯшылық бөлими