Янгиликлар
03
Елимизде сынаў лабораторияларыныӊ техникалық тәрептен маманлығын мақуллаў тәртиби енгизилди
2020-жылдыӊ 28-июль куни Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ «Сынаў лабораторияларыныӊ техникалық тәрептен маманлығын мақуллаў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў туўрысында»ғы 456-санлы қарары қабыл етилди.
Усы қарар менен мақуллаў талаплары ҳәм шәртлери тѳмендегише белгиленди, олар:
Мақуллаў тәртибинен ѳтиўге қойылатуғын талапларды белгилеўши техникалық тәрептен тәртипке салыў саласындағы норматив ҳүжжетлерге, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге мәжбүрий әмел етиў;
Лаборатория искерлигин нәтийжели әмелге асырыў зәрүр болған ийелик яки басқа мүликлик ҳуқық, сондай-ақ, ижара ҳуқықы тийкарында имарат ҳәм қурылыслар (объектлер), техникалық, технологиялық ҳәм аппарат-бағдарламалық қуралларына ийе екенлигиқ
Соралып атырылған мақуллаў саласына муўапық сынаўлар ѳткизилиўин тәмийинлейтуғын сынаў, ѳлшеў қураллары, стандартлы үлгилерге ийе екенлиги;
Маманлығын мақуллаў процесинде Орай тәрепинен баҳаланатуғын ҳәм соралып атырылған мақуллаў саласында маманлыққа ийе болған хызметкерлерге ийе екенлиги, олардыӊ ѳз-ара алмастырыўшылығын тәмийинлеў;
Соралып атырылған мақуллаў саласына муўапық сынаў усылларын тәртипке салыўшы техникалық жақтан тәртипке салыў саласында норматив ҳүжжетлерге ийе екенлиги.
Усы қарар менен:
Лабораторияларды мақуллаў тәртибине кѳре, арза бериўши Орай тәрепинен белгиленетуғын жазба ҳәм электрон формада мақуллаў ушын арзаны (кейинги орынларда буйыртпа деп аталады) усынады.
Арза бериўши буйыртпаға тѳмендеги ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматларды қосымша етеди:
Мақуллаў соралып атырылған мақуллаў саласын анықлаўшы сынаў усыллары (методикалары) ҳәм/ямаса ѳлшеў түрлериниӊ дизими;
Лабораторияныӊ процедуралық ҳүжжетлери;
Лабораторияныӊ техникалық паспорты (лаборатория, хызметкерлер, әсбап үскенелер қолланылатуғын сынаў ҳәм ѳлшеў қураллары ҳаққында мағлыўмат).
Елликқала районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси
Н.Н.Тайров