Янгиликлар
03
Цемент импорты тәртибин әпиўайыластырыў ҳәмде ишки базарды сыпатлы цемент пенен тәмийинлеў тәртиби енгизилди
Усы жылдыӊ 23-июль куни Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ «Цемент импорты тәртибин әпиўайыластырыў ҳәмде ишки базарды сыпатлы цемент пенен тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында»ғы 450-санлы қарары қабыл етилди.
Усы қарар менен:
Ѳзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, «Ѳзстандарт» агентлигиниӊ республикаға алып кирилетуғын цементти еркин айланысқа шығарыўды әпиўайыластырылған тәртип тийкарында әмелге асырыў әмелиятын қоллаў ҳаққындағы усынысы мақулланды. Бунда:
Цемент республика аймағына алып кирилгенге шекем импорт қылыўшы хожалық жүргизиўши субъект ҳәм физикалық шахс (кейинги орынларда – импорт қылыўшы) тәрепинен ықтыярлылық тийкарында үлгилери техникалық жақтан тәртипке салыў саласындағы норматив ҳүжжетлер талапларына муўапықлығын баҳалаў ушын сертификатластырыў уйымына усынылады, бунда ѳнимди еркин айланысқа шығарыў («ИМ 40» режимине ѳткизиў) мәмлекетлик бажыхана хызметиниӊ уйымлары тәрепинен тийисли муўапықлық сертификаты тийкарында әмелге асырылады, бажыхана нызам ҳүжжетлери бузылыў қәўпиниӊ белгилери анықланған жағдайлар буннан тысқары;
Цемент дәслеп алып кирилген ҳәм ақырғы он еки ай даўамында бир ислеп шығарыўшыныӊ цемент ѳнимине берилген муўапықлық сертификаты тийкарында (әмел етиў мүддетине қарамастан) усы ислеп шығарыўшыныӊ кейинги ѳними импорт қылыўшы тәрепинен республика аймағына алып кирилген жағдайларда «Бир айна» бажыхананыӊ мәлимлеме системасында ѳнимди техникалық жақтан тәртипке салыў саласындағы норматив талапларына муўапықлығын баҳалаў ушын сертификатластырыў уйымыныӊ арза бойынша қабыл қылған қарары мәмлекетлик бажыхана хызметиниӊ уйымлары тәрепинен ѳнимди еркин айланысқа шығарыўға тийкар болады, бажыхана нызам ҳүжжетлериниӊ бузылыў қәўпиниӊ белгилери анықланған жағдайлар буннан басқа. Бунда арзада кѳрсетилген муғдардағы цемент сыпаты бойынша дәўирлик түрде лаборатория сынаўлары әмелге асырылады ҳәм нәтийжелери бойынша импорт қылыўшыға сынаў баянламасы усыныс етиледи.
Ҳәр бир бажыхана жүк декларациясы бойынша мағлыўмат сертификатластырыў уйымына «Бир айна» бажыхананыӊ мәлимлеме системасы арқалы жибериледи ҳәм цемент еркин айланысқа шығарылғанда сертификатластырыў уйымы менен импорт қылыўшы ортасында дүзилген шәртнама шеӊберинде цементти қәўип-қәтерлерден анализ қылыў тийкарында дәўирлик түрде лаборатория сынаўларынан ѳткизиледи.
Усы қарар менен:
Лаборатория сынаўы нәтийжелерине кѳре, цемент белгиленген талапларына муўапық емес деп табылған жағдайда, бул ҳаққында бир күн мүддетте сертификатластырыў уйымы тәрепинен импорт қылыўшы, Ѳзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм «Ѳзстандарт» агентлиги хабарландырылады;
белгиленген талапларға муўапық емес деп табылған цементти алып кирген импорт қылыўшы алты ай мүддет даўамында усы ѳнимди еркин айланысқа шығарыўда әпиўайыластырылған системадан пайдаланыў ҳуқықына ийе болмайды;
«Ѳзстандарт» агентлиги жанындағы Техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм метрология саласындағы нызамшылық талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў департаменти сертификатластырыў уйымларыныӊ хабарнамасына кѳре белгиленген талапларға муўапық емес болған ѳнимди сатыўды ҳәм оннан пайдаланыўды тоқтатып қойыў ҳаққында импорт қылыўшыға орынланыўы мәжбүрий болған кѳрсетпе берилиўи белгиленди.
Елликқала районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси
Н.Н.Тайров