Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

03

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Тез жәрдем хызметкерлери қосымша хошаметленеди

“Коронавирус инфекциясы тарқалыӯына қарсы гүресиӯ, халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм саламатлығын сақлаӯға тартылған қыстаӯлы медициналық жәрдем хызметкерлерин қосымша материаллық хошаметлеӯ ҳаққында”ғы  Ҳүкимет қарары (458-сан, 30.07.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муӯапық, коронавирус инфекциясы тарқалыӯына қарсы гүресиӯ, халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм саламатлығын сақлаӯға тартылған қыстаӯлы медициналық жәрдем хызметкерлери төмендеги муғдарда бир мәртелик материаллық хошаметленеди:
-шыпакерлерге – 5 млн сум;
-орта медицина  хызметкерлери (фельдшерлар ҳәм санитарлар)ға 4 млн сум;
-автомобиль айдаӯшыларына – 3 млн сум.
Усы төлемлер 2020-жыл 1-июнь күнине шекем жумысқа қабыл етилген хызметкерлерге қарата қолланылады

@huqiqiymalimleme