Янгиликлар
03
Аралықтан жумыс ислеӯ тәртибинен хабардарсыз ба?
Аралықтан жумыс ислеӯ дегенде не түсиниледи?
Хызметкердиң мийнет шәртнамасында көрсетилген мәжбүриятларын жумыс бериӯшиниң жайласқан аймағынан тысқарыда, турақлы жасаӯ орны, аймақ ямаса объекттен тысқарыда орынланатуғын жумыс усылы түсиниледи.
Қандай қатламдағы хызметкерлер ӯақтынша аралықтан жумыс ислеӯ тәритибне өтиӯи мүмкин?
Биринши нәӯбетте ҳәмиледар ҳаяллар, кекселер, имкәнияты шекленген шахслар ҳәм хроникалық кеселликлерге шалынған хызметкерлер. Олардан кейин, басқа хызметкерлер аралықтан ислеӯ тәртибине өтиӯи мүмкин (https://lex.uz/docs/4776265).
Аралықтан ислеӯ ушын өз алдына буйрық шығарылыӯы шәрт пе?
Әлбетте, хызметкерди аралықтан жумысқа ӯақтынша өткериӯде жумыс бериӯши тәрепинен ӯақтынша жумысқа өткериӯ ҳаққында мүддети көрсетилген буйрық шығарылады.
Аралықтан жумысқа өтип атырғанда мийнет шәртлери қалай белгиленеди?
Жумыс бериӯши ҳәм хызметкер ортасында алдын дүзилген мийнет шәртнамасына тийисли өзгерис киргизиледи. Шәртнамада аралықтан ислеӯ дәӯириндеги мийнет шәртлери келисип алынады.
Жумыс ӯақтының даӯамлылығы ҳәм тәртиби қалай белгиленеди?
Бундай жағдайда, хызметкер ислеп шығарыӯ тапсырмасының көлеми ҳәм мийнет шәртнамасында көрсетилген басқа шәртлерден келип шыққан ҳалда жумыс ӯақты ҳәм даӯамлылылығын ғәрезсиз белгилейди.
Хызметкер аралықтан жумыс ислесе, оған ҳақы төлеӯ мәселеси қалай болады?
Аралықтан ислеӯде жумыс ислеӯши хызметкер жумыс ӯақтын өз қәлеӯине көре бөлистириӯди есапқа алған ҳалда, ол тәрепинен орынланған жумыслар ушын бир есе муғдарында мийнет ҳақы төленеди.
Хызметкердиң аралықтан турып жумыс ислегени оның дем алысына шығыӯына тәсир ете ме?
Яқ, тәсир етпейди. Бундай жағдайда хызметкер дем алыслар кестесине муӯапық мийнет дем алысына шығыӯ, ӯақтынша мийнетке жарамсызлық бойынша напақа алыӯ ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа ҳуқықларын толық сақлап қалады.
Насиба Кутлымуратова