Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

Тутыныўшыны тийкарсыз рәўиште жуўапкершиликке тартылыўының алды алынды


Нөкис қаласы әдиллик бөлимине, Б.Е. атлы пуқараның суў тәмийнаты кәрханасы хызметкерлери тәрепинен нызамсыз рәсмийлестирген қағыйдабузарлық ҳаққындағы акти бойынша наразылығын билдирген мүрәжаты келип түсти.
Мүрәжатты үйрениў даўамында төмендегилер анықланды.
Анықланыўынша, “Қарақалпақ суў тәмийнаты” ЖШЖ Нөкис қаласы суў тәмийнаты бөлиминиӊ қадағалаўшылары тәрепинен 2020-жыл 8-июнь күни тутыныўшы Б.Е атлы пуқараның жасап турған мәнзилинде ишимлик суўдан пайдаланыў қағыйдалары көзден өткерилген ҳәм ишимлик суўынан тамарқа жерин суўғарыў ҳәм үй буйымлары тазалығы ушын пайдаланып атырғанлығы анықланып, суў жеткерип бериў ҳаққындағы шәртнама талаплары бузғанлығы көрсетилген акт рәсмийлестирилген.
Бул тийкарсыз рәўиште дүзилген акт пенен базалық есаплаў муғдарыныӊ бес есеси 1.115.000 (бир миллион бир жүз он бес мыӊ) сум муғдарында жәрийма белгиленгенлиги ҳәм белгиленген жәрийманы 10 (он) күн мүддет ишинде Нөкис қаласы суў тәмийнаты бөлимине барып есап-санақ қылынбаған жағдайда, жәрийманы мәжбүрий өндириў ушын Нөкис қаласы Ҳәкимшилик судына берилетуғынлығы ескертилгенлиги мәлим болды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2014-жыл
15-июльдеги 194-санлы қарары менен тастыйықланған “Тутыныўшыларға ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суўды шығарыӯ хызметлерин көрсетиў” Қағыйдасыныӊ 126-бәнтинде, I топар тутыныўшысы, шәртнама шәртлериниӊ орынланыўы, санитария-техника үскенелериниӊ турақлы саз ҳалатында сақланыўы, санитария-техника үскенеларинен суў ағыўына жол қоймаў, ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суўды шығарыў хызметлери ушын ҳәр айда төлемлерди әмелге асырыў, суўды есаплаўды есапқа алыў әсбаплары ҳәм олардағы пломбаныӊ өзбасымшалық пенен шешилгенлиги бойынша жуўап беретуғынлығы көрсетилген.
Ал, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиӊ 163-статьясында, тек ғана ишимлик суў тармақларына өзбасымшалық пенен жалғаныў ҳәмде водопроводтан пайдаланыў қағыйдаларын басқаша тәризде бузыў, жер ислери ҳам басқа ислерди орынлап атырғанда водопровод тармақларын қорғаў кағыйдаларын бузыў, бул жағдай олардыӊ зыянланыўына себеп болса ямаса суўық ямаса ыссы суўды есапқа алыў үскенелерине сол қатарда олардыӊ пломбаларын қастан зыянлаў, сондай-ақ, усындай есапқа алыў үскенелери көрсеткишлерин өзгертириў мақсетинде оларға сырттан араласқанлық ушын жуўапкершилик келип шығатуғынлығы нәзерде тутылған.
Усы кодекстиӊ 8-статьясында, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ушын ҳеш ким нызам ҳүжжетлерде белгиленген тийкарлар ҳәм тәртиптен басқаша тәризде тәсир көрсетиў шарасына тартылыўы мүмкин емеслиги, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди жүритиў нызамшылыққа әмел қылыў тийкарында алып барылатуғынлғы белгиленген.
Жоқарыдағы жағдайлардан келип шығып, Нөкис қаласы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жыл 6-июль күни тутыныўшы ишимлик суўдан пайдаланыў барысында қағыйдабузарлық ислемегенлиги ушын нызам талапларына муўапық ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер жүритиўди тамамлаў лазымлығы туўралы “Қарақалпақ суў тәмийнаты” ЖШЖине ескертиў хаты берилди.
Солай етип, әдиллик бөлими араласыўы менен пуқараның ҳуқықлары бузылыўының алды-алынды ҳәм буған себеп болған жағдайларының бири сапластырып, шек қойылыўына ерисилди.

Нөкис қаласы әдиллик бөлими
бас мәсләҳатшиси
Б.Нажимов