Янгиликлар
29
Жумысқа қабыл етиўди рəсмийлестириў тәртибин билесиз бе?
Жумысқа қабыл етиўди рəсмийлестириў тәртибин билесиз бе?
Өзбекстан Республикасы Мийнет нызамшылығы талапларына көре мийнет қатнасықларының субъекти жумыс бериўши ҳəм хызметкер болып есапланады. Мийнет Кодексиниң 82-статьясына тийкар, ҳəр қандай хызметкер жумысқа қабыл етилиўинде оның менен мийнет шәртнамасы дүзилип буйрық пенен рəсмийлестириледи. Буйрық шығарыў ушын хызметкер менен дүзилген мийнет шәртнамасы тийкар болады.
Жумысқа қабыл етиў ҳаққындағы буйрық дүзилген мийнет шәртнамасының мазмунына толық муўапық түрде шығарылады ҳәм буйрық пенен хызметкер таныстырылып бул ҳаққында хызметкерден тил хат алынады.
Жумысқа қабыл етиў ҳуқықына ийе болган лаўазымлы шахс тəрепинен яки оның рухсаты менен хызметкерге ҳақыйқатта ислеўге рухсат етилген болса, жумысқа қабыл қылыў тийисли түрде рəсмийлестирилген яки рəсмийлестирилмегенлигинен бийғəрез түрде, жумыс басланған күннен мийнет шәртнамасы дүзилген есапланады.
Жумысқа қабыл етилип атырғанда пуқарадан төмендеги ҳүжжетлер соралыўы мүмкин:
паспорт яки оның орнын басатуғын басқа ҳүжжетлер, он алты жасқа шекемги болған шахслар болса, — туўылғанлық ҳаққындағы гуўалық;
мийнет дəптершеси, биринши мəрте жумысқа кирип атырған шахслар буннан тысқары. Орындаслық тийкарында ислеп атырған шахслар мийнет дəптершесиниң орнына тийкарғы жумыс орнынан мағлыўматнама;
əскерий билети яки əскерий есапта турғанлық ҳаққындағы гуўалығы.
Сондай-ақ, нызам ҳүжетлерине муўапық арнаўлы мағлыўматқа ийе ҳəм арнаўлы таярлыққа ийе шахслар ғана орынлаўы мүмкин болған жумысларға кирип атырған жоқары яки орта арнаўлы, кəсип-өнер оқыў орнын тамамлағанлығы ҳаққындағы дипломын, усы исти орынлаў ҳуқықын беретуғын гуўалықты яки басқа тийисли ҳүжжетти усынады.
Жумысқа қабыллаў ўақтында жумысқа кирип атырған шахстан нызам ҳүжжетлеринде көрсетилмеген ҳүжжетлерди талап қылыў қадаған етиледи.
Айырым жумыс бериўшилер тəрепинен ҳəр түрли сылтаўлар менен тосқынлықларды жүзеге келтирип жумысқа қабыл етиўден бас тартпақшы болыў жағдайларыда тилекке қарсы ушырасып турады.
Мысалы, пуқараның перзент күтип атырған ҳаял екенлиги, кишкене жастағы перзенти бар екенлиги, өзиниң яки жақын туўысқанларының алдын судланғанлығы сыяқлы ҳалатларды сылтаў қылыў жағдайлары ушыраўы мүмкин. Бундай себеплер менен пуқараны жумысқа қабыл етиўден бас тартыў мийнет нызамшылығында белгиленбеген.
Ѳз гезегинде, жумысқа қабыл етилген хызметкер усы мәкемениң ишки мийнет тəртип қағыйдалары, хызмет ўазыйпаларының дизими ҳәм техника қәўипсизлиги менен толық таныстырылыўы керек ҳәм хызметкер оған бойсыныӯы лазым.
Қараөзек районы əдиллик
бөлими баслығы О.Джуманиязов