Янгиликлар
29
Халықтың бəнтлигин тəмийинлеў ең баслы мəселелердиң бири
Халықтың бəнтлигин тəмийинлеў ең баслы мəселелердиң бири
Бүгинги күнде мəмлекетимизде социал-экономикалық ҳəм сиясый тараўларды раўажландырыў бойынша көзге көринердей бир қанша реформалардың əмелге асырылып атырғанының бəршемиз гүўасы болып атырмыз.
Сол қатарда, халықтың бəнтлигин тəмийинлеў бойынша да көплеген жумыслар əмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, өзин-өзи бəнт қылыў, ҳақы төленетуғын жəмийетлик жумыслар, пахта жыйым териминде отрядларды шөлкемлестирген ҳалда əмелге асырылған жумысларды айтып өтиўимиз мүмкин.
Сол қатарда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-сентябрь күнги “2019-жылғы пахта қырманын жыйнап алыў жумысларын əмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында” ғы 752-санлы Қарары талаплары бойынша пахта териминде қатнасып атырған отряд баслықларына “Өзбекстан Республикасы Бəнтлик ҳəм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы жамийетлик жумыслары коры есабынан хызмет ҳақылары төлеп берилиўи яғный, терилген ҳəр бир 80 тонна пахта қырманы ушын 2.000.000 (еки миллион) сум ҳәм отряд тəрепинен толық календарь айы есабында терилген 80 тоннадан асқан ҳəр бир тонна пахта ушын 50 мың сумнан қосымша ҳақы төлеў белгиленген. Сол тийкарды көплеген пуқаралар өз мəўсиминде өзлериниң бəнтлигин тəмийинлеп, дəрамат таўып шаңарағының материаллық талапларын жақсылап алыўына имкан жаратылды.
Сондай-ақ, 2017-жыл 5-октябрь күнги Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 799-санлы қарары менен тастыйықланған “Ҳақы төленетуғын жəмийетлик жумысларын шөлкемлестириў тəртиби ҳаққында” ғы Режениң 24-бəнтинде буйырытпашы ис бериўши ҳəр айдың 15-сəнесине шекем есабат айының биринши ярымы ушын халықтың бəнтлигине көмеклесиў орайына пуқаралардың жəмийетлик жумысларында қатнасқан дəўири бойынша есапқа алыў табелин усыныс етиўи, 25-бəнтинде халықтың бəнтлигине көмеклесиў орайы буйырытпашы ис бериўши тəрепинен есабат айының 15-сəнесине шекем усынылған табельге тийкар тийисли қоры тəрепинен қапланатуғын төлеўлердиң 50 пайыз бөлегин аванс сыпатында төлеўи, жəмийетлик жумысларын шөлкемлестириў бойынша төлемлер халықтың бəнтлигине көмеклесиў орайы тəрепинен Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги Қоры бөлимлерине мемориал ордер яки төлеў тапсырықнамаларын усыныс етиў арқалы əмелге асырылыўы, 27-бəнтинде болса ҳалықтың бəнтлигине көмеклесиў орайы тəрепинен тастыйықлаўшы ҳүжжетлер алынғаннан соң, есабат айынан кейинги айдың 5-сəнесине шекем өткен ай ушын аванс суммасын қайырып таслаған ҳалда жəмийетлик жумысларында қатнасқан пуқаралардың ис ҳақыларының қапланатуғын бөлимин Өзбекстан Республикасы Финанс Министрлиги Қорының бөлимлерине мемориал ордер яки төлеў тапсырықнамасы ҳəм орынланған ислер бойынша дүзилген тапсырықнаманы қосымша қылған ҳалда жоллаўы белгиленген.
Усы тəртипте ҳақы төленетуғын жəмийетлик жумыслардың жолға қойылыўы тийисли тəртипте əмелге асырылып, нəтийжеде халықтың бəнтлигин тəмийинлеўде үлкен аҳмийетке ийе болмақта.
Қараөзек районы əдиллик
бөлими бас мəслаҳатшиси А.Искендеров