Янгиликлар
29
Мәмлекетимизде суд-ҳуқық реформаларыныӊ жаӊа дәўири басланбақта
2020 жыл 24 июль куни Президентимизнинг «Судлар искерлигин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға тийисли шара-илажлар ҳаққында»ғы 6034-санлы пәрманы қабыл етилди ҳәмде дағазаланды.
Пәрман менен суд-ҳуқық реформаларын пүткиллей жаӊа басқышға алып шығыў ҳәм келип шыққан машқалалардыӊ шешимине қаратылған. Ал, суд системасында қандай жаӊалықлар күтилмекте. Белгили болғанындай, ҳәзирге дейин ўәлаят дәрежесинде пуқаралық ислери бойынша жынаят ислери бойынша судлар ҳәм экономикалық судлар бар еди. Бул болса, ѳз нәўбетинде, ҳәр қыйлы қәрежет ҳәм штатларды талап ететуғын еди. Бирақ бул еӊ тийкарғысы емес. Соныӊ менен биргеликте ҳәр судья кѳретуғын ислер саны гейбир судларда кѳп ҳәм гейбирлеринде кем еди. Пәрман менен усы судлар бирлестирилип, судьялардыӊ қәнийгелесиўин сақлап қалған рәўиште ҳәм суд ислерин жүргизиў түрлери бойынша бѳлек судлаў коллегияларын шѳлкемлестирип, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикция судларын шѳлкемлестириў арқалы бул мәселеге шешим табылыўына ерисиледи.
Пәрман менен ҳәкимшилик ҳәм басқа ғалаба ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислерди кѳриўге қәнийгелестирилген Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында районлар аралық ҳәкимшилик судларын шѳлкемлестириў, сол қатнасық пенен район (қала) ҳәкимшилик судларын тамамлаў ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судлары сақлап қалыныўы нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ҳаққындағы ислерди кѳрип шығыў ўәкиллигин ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша судларына ѳткизиў белгиленбекте.
Усы күнге шекем ҳәрекеттеги 199 район (қала) ҳәкимшилик судларыныӊ орнына районлараралық ҳәкимшилик судлардыӊ шѳлкемлестирилиўиниӊ тийкарғы себеби сонда, бүгинге дейин ҳәкимшилик судлар тәрепинен кѳрип шығылған ислердиӊ орта есапта 90%ти ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылықлар ҳаққындағы ислер қураған. Атап айтқанда, Ѳзбекстан Республикасы Жоқары суды мағлыўматына қарағанда, 2019 жылы 9 айы ишинде ҳәкимшилик судлар тәрепинен биринши инстанция тәртибинде 286 мыӊ 772 ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық, 25 мыӊ 550 материал ҳәм 12 мыӊ 159 ғалаба даўлар, жәми 324 мыӊ 481 ислер (материаллар) кѳрип шешилген.
Кѳринип турғанындай, ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ҳаққындағы ислердиӊ жынаят ислери бойынша судларға қайтаралыўы ҳәкимшилик судлардыӊ мәлим бир мәниде талап етпекте.
Бирақ, мәселениӊ және бир тәрепи сонда, енди ҳәкимшилик судлар раўажланған мәмлекетлер ылғар тәжирийбесинде болғанлығы сыяқлы ҳәкимшилик ҳәм басқа ғалаба ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислерди кѳриўге жәнеде күшлирек қәнийгелесиўине имканият болады.
Бул болса, жаӊа Ѳзбекстанныӊ таӊлаған жолы, яғный ҳәкимшилик ҳәм басқа ғалаба ҳуқықый қатнасықлар саласында пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардыӊ бузылған ямаса даўласып атырылған ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғалыўына буннан кейин де үлкен итибар қаратылыўын аӊлатады.
Ҳәзирге шекем суд тәрепинен тийисли қарар қабыл етип бѳлинген суд ислерин прокурор тәрепинен ѳз басламасына кѳре шақырып алып үйрениў практикасы бар еди. Бул болса қандай да бир мәнисте тәреплердиӊ мүрәжети болмай турып суд ҳүжжетиниӊ үйренилиўи, яғный суд үстинен бақлаў мәнисин де аӊлататуғын ҳәм ҳәр қыйлы халық-аралық ҳәм миллий қәнийге-алымлардыӊ ылайықлы қарсылығына себеп болатуғын еди.
Пәрман менен прокурор тәрепинен судтыӊ нызамлы күшке кирген ҳүкими, ҳал қылыў қарары, уйғарыўы ямаса қарары бойынша ислерди, усы ислер жүзесинен тәреплер мүрәжети шыққан жағдайда ғана, судтан шақырып алып үйрениў системасы енгизилмекте. Бул болса прокурор ўәкиллигин мәлим бир мәнисте қысқарыўы, прокурордыӊ ѳз басламасына кѳре суд ислерин үйрениў практикасын сапластырады.
Пәрман менен нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан басқа судларда басқа шахслардыӊ басламасы менен қозғатылған пуқаралық ҳәм экономикалық ислердиӊ кѳрилиўинде прокурор ѳз басламасы менен қатнасыўын бийкарлаў нәзерде тутылмақта. пуқаралық ҳәм экономикалық ислердиӊ кѳрилиўинде прокурордыӊ судта қатнасыўыныӊ қысқарттырылыўы жеке-ҳуқықый қатнасықлар шеӊбериндеги даўлардыӊ тәреплер ортасында, прокурор араласыўысыз, ѳз-ара шешилиў имканиятларын да кеӊейттиреди
Пәрман менен судьялар статусын күшейтириўге қаратылған бир қанша жаӊалықлар нәзерде тутылған. Атап айтқанда, барлық судьялар ҳәм суд аппараты хызметкерлериниӊ ис ҳақы ҳәм қосымша тѳлемлери толығынша мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырыўға ѳткизилмекте. Сондай-ақ, судьяларға дисциплинарлық ис тек судьялардыӊ тийисли маман коллегиялары тәрепинен қозғатылыўын нәзерде тутып, судьялардыӊ дисциплинарлық исти қозғатыў ҳәм кѳрип шығыў тәртиби жетилистирилмекте ҳәмде судьялар ўәкилликлерин тоқатып турыў, сондай-ақ, тамамлаў тийкарлары ҳәм тәртиби жәнеде анықластырылмақта.
Пикиримше, пәрманда нәзерде тутылған жаӊалықлардыӊ практикаға енгизилиўи менен судьялар ғәрезсизлиги жәнеде күшейеди. Әдил судлаўды әмелге асырыў нәтийжелилиги асады, ақырында, елимизде адам ҳуқықы ҳәм еркинликлери, исбилерменлик субъектлериниӊ қорғалыўы жәнеде беккемленеди.
Елликқала районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси
Н.Н.Тайров