Янгиликлар
27
Жоқары билимлендириў системасындағы коррупция менен байланыслы машқалалар ҳәм олардыӊ шешилиў тийкарлары
Коррупция – заманагѳй жәмийеттиӊ глобал ҳәмде ески машқаласы болып, пүткил дүньяныӊ барлық мәмлекетлеринде ол ямаса бул кѳринисте пайда болады.Усы иллет тек ғана юридикалық әҳмийетке ийе болмастан, социаллық, сиясий ҳәмде руўҳый ақыбетлерди де жүзеге келтиреди. Соныӊ ушын коррупцияға қарсы гүрес ҳәмде оныӊ нәтийжели түрде алдын-алыў дүньядағы ҳәр бир мәмлекеттиӊ бирлемши тийкарғы ўазыйпасы екенлиги турған гәп. Усы иллеттиӊ алдын-алыўда билим бериў еӊ күшли қурал екенлиги шынлық.
Билим саласындағы коррупцияныӊ кеӊнен тарқалған түри бул «пара алыў ҳәм пара бериў» болып есапланады. Статистикалық мағлыўматларға кѳре, ақырғы жылларда Ѳзбекстан Республикасында билим системасы саласы еӊ коррупцияға айланған салалардан бири болып қалмақда.
Елимизде кейинги жылларда коррупцияға қарсы гүресиў саласында әҳмийетли шѳлкемлестириўшилик-ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта. Халықтыӊ ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға аяўсыз қатнасықты қәлиплестириўге бағдарланған системалы шаралар кѳрилмекте.
Реформаларды әмелге асырыў шеӊберинде пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысыныӊ ашықлығы, жәмийет ҳәм парламент қадағалаўын тәмийинлеў механизмлерин жетилистирилмекте, сондай-ақ, ҳуқықты қорғаў ҳәм суд уйымлары жумысыныӊ ҳуқықый тийкарлары реформа етилмекте.
Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 27-майдағы «Ѳзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы да усы реформалардың логикалық жақтан даўамы десек те болады.
Усы Пәрманныӊ 8-бәнтинде 2019-жыл 1-августтан баслап эксперимент түринде, жәмийетшилик ҳәм жетекши экспертлерди, атап айтқанда шет елли экспертлерди тартып, дәслепки басқышта капитал қурылыс ҳәм жоқары билим салаларында «Коррупциясыз тараӯ» жойбарын әмелге асырыўды шѳлкемлестириў ўазыйпасы белгиленди.
Жоқары билимлендириӯ системасында «Коррупциясыз тараӯ» жойбары жоқары оқыў мәкемелерине (ЖОМ) қабыл етиўден баслап жоқары мағлыўмат ҳаққындағы дипломды бериў ўақтына шекем болған процесслерди, жоқары билимнен кейинги басқышын ҳәмде студентлердиӊ оқыўын кѳшириў, оқыўға тиклеў ҳәм нострификация менен байланыслы мәселелерди ѳз ишине алады.
Яғный ЖОМлардағы коррупцияда пара алыўшы бул – ЖОМ профессор-оқытыўшылары ҳәмде пара бериўши бул – студент. Мине усы қатнасыўшылардыӊ бир-бири менен жақын қатнасығы усы түрдеги қылмыслардыӊ кѳпшилик жағдайларда латент (жасырын) болып қалыўына себеп болмақта.
ЖОМларда коррупция менен байланыслы жағдайлар – оқыў, оқыў-методикалық ислер бағдарында тийкарынан ислениўи ҳеш кимге сыр емес әлбетте. Яғный бир неше студент оқыўды питкергенге шекем шама менен 60 қа жақын пәнди ѳзлестириўи ҳәмде баҳаланыўы лазым. Демек, ҳәр бир пән бойынша ағымдағы, аралық ҳәм жуўмақлаўшы қадағалаўларды тапсырыўы талап етиледи. Мине усы жағдайдыӊ ѳзи коррупция қәўип дәрежесиниӊ артыўына шараят жаратады. Сонлықтан, дәслеп жоқары билимлендириў мекемелеринде усы бағдардағы биринши тийкарғы ўазыйпа – орнатылған Мәмлекетлик билим стандартлары (оқыў жүклемелери), оқыў режелер, бағдарламаларды сыншыл реформалаў ҳәмде замангѳй стандартлар тийкарында, улыўма пәнлер санын оптималластырыў керек болады.
Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 29-апрельде қабыл етилген «Ѳзбекстан Республикасында юридикалық тәлим ҳәм пәнди түп-тийкарынан жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилгенлиги усы бағдарда Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниӊ искерлигинде пүткиллей жаӊа процесслерди баслап берди. Усы Пәрманда белгиленген негизги ўазыйпалар мазмун-мәнисинен келип шығып, бүгинги күнде ТМЮУде бир қатар реформалар әмелге асырылыўы ҳәмде 2020-2021 оқыў жылынан баслап улыўма пәнлер оптималластырылыўы, ҳәмде бир-бирин қайталаўшы ҳәм әмелият пенен байланыспаған пәнлер оқыў режелеринен шығарылыўы ҳәм әмелиятқа бағдарланған қәнигелик пәнлериниӊ киргизилиўи бойынша бир қатар ислер әмелге асырылмақта.
Екиншиден, тийкарғы ўазыйпа – студенттиӊ билимин баҳалаў процесинде студент ҳәмде профессор оқытыўшы ортасында визуал байланысты пүткиллей шеклеў керек. Яғный студенттиӊ билимин баҳалаў усы пәннен сабақ шынығыўларын ѳтетуғын профессор-оқытыўшыға улыўма байланыслы болыўы керек емес. Оқытыўшыныӊ модуль системасы шәраятларында студентлер билимин қадағалаў процеси, рейтинг нәтийжелериниӊ объективлигин қайта тексериў, оларды анализлеў, рәсмийлестириў ҳәм студентлер итибарына жеткизиў мәселелери анық белгилеп бериў лазым. Сондай-ақ, ҳәр бир студенттиӊ жекке ѳзин аноним сақлап, ҳәр бир пән шеӊберинде «идентификациялық код» пенен шифрлаў тәжирийбесин киргизиў ҳәмде студент ҳәм оқытыўшы ортасында визуал байланысты қысқарттырыў студентлердиӊ билимин объектив тексериў практикасын жолға қойылыўына алып келеди.
Үшиншиден, тийкарғы ўазыйпа – жоқары билимлендириў мәкемелериниң толық искерлигин видеогүзетиў системасы арқалы қадағалаў системасын жолға қойыў.
Тѳртинши тийкарғы ўазыйпа - жоқары билимлендириў мәкемелеринде факультет деканатлары ҳуқық ҳәм миннетлемелерин оптимилластырыў. Яғный, деканат студентлер ҳәмде ѳзлерине бириктирилген кафедралардыӊ шѳлкемлестириўшилик мәселелерин муўапықластырыўы, бирақ оқыў, илимий-методикалық ислер менен байланыслы процесслерден ғәрезсиз болыўын тәмийинлеў зәрүр. Жоқары билимлендириў мәкемелериндеги оқыў, илимий-методикалық ислерди муўапықластырыўды әмелге асырыўшы ғәрезсиз қурамлық бѳлимди қәлиплестириў ҳәмде усы бѳлимниң туўрыдан-туўры ректорға бойсындырыў механизмлерин жетилистириў дәўир талабы.
Бесинши тийкарғы ўазыйпа - жоқары билимлендириў мәкемелери искерлигинде толық ашықлықты тәмийинлеў билим менен байланыслы барлық процесслер электронластырылыўы ҳәмде артықша рәсмий ҳүжжетлерден бас кешиў керек. Бундай унамлы әмелият ТМЮУ искерлигинде нәтийжели жолға қойылған болып, рейтинг дәптершесиниӊ жүргизилиўинен пүткиллей бас тартылды ҳәмде студентлердиӊ билимин қадағалаў ҳәм баҳалаў процеси студентлер рейтингин есапқа алыў электрон системасы арқалы әмелге асырылыўы жолға қойылды ҳәм усы процесс толық электронластырылды. Бул да ѳз-ѳзинен профессор-оқытыўшы ҳәм студент ортасында визуал байланысты шеклеўге хызмет етти.
Алтыншы тийкарғы ўазыйпа. Коррупцияға аяўсыз қатнасықты қәлиплестириў бойынша ислер системасын қәлиплестириў, яғный электрон мүрәжет системасы ҳәмде студентлердиӊ пикирин үйрениў бойынша (feed-back) системасын кеӊнен енгизиў.
Жетинши тийкарғы ўазыйпа, «Коррупциясыз тараӯ» жойбарын әмелге асырыўда еӊ тийкарғы реформалар тап сол кадрлар менен ислесиў жѳнелисинде әмелге асырылыўы керек, деп есаплаймыз.
Сондай екен усы жѳнелистеги тийкарғы ўазыйпа – хызметкерлери жумысқа алыў процеси ҳәмде базар шәраятындағы ис ҳақы менен тәмийинлеў мәселеси болып есапланады. Биз мийнетке қатнасықты пүткиллей ѳзгерттириўимиз, яғный қанша ўақыт ислегенине емес, нәтийжеге қарап ҳақ тѳлеў кереклигин адамларға сиӊдириўимиз шәрт.
Жуўмақ орнында айтсақ, Президентимиз де ылайықлы түрде айтқанындай, «Жақын ҳәм узақ келешектеги экономикалық раўажланыў кѳз-қарасынан бизге қайсы сала ушын қәниге керек болады? Соны ҳәзирден тереӊ ойлаўымыз, заман талабы, реформалардыӊ барысына сай кадрларды тәрбиялаўымыз керек, бул мәселе бизлердиӊ келешегимиз, ертеӊги күнимиз» болып есапланады.
Елликқала районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси
Нуратдин Тайров.