Янгиликлар
25
Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында мәмлекетлик басқарыў системасы ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-марттағы «Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түптен реформалаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 5696-санлы Пәрманы қабыл қылынғанлығы ветеринария ҳәм шарўашылық тараўын түп бурылыс жасады, тараўда раўажланыўлар асте ақырын жүзеге шыға баслады, бир қанша өзгерислер әелге асырылмақта.
Атап айтатуғын болсақ, «Мәмлекетлик ветеринария хызмети бақлаўы астындағы товарлар қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында» Ҳүкимет қарары (277-сан, 11.05.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2021-жыл 1-январдан баслап:
Өзбекстан аймағына мәмлекетлик ветеринария хызмети бақлаўы астындағы товрларды алып кириўге оларды ислеп шығаратуғын, қайта ислейтуғын ҳәм сақлайтуғын экспорт етиўши шөлкемлерлер ҳәм шахслар реестрына киргизилген экспорт етиўши шөлкемлер ҳәм шахсларға рухсат бериледи;
мәмлекетлик ветеринария хызмети бақлаўы астындағы товарларды алып кириўге ветеринария рухсатнамасы ушын базалық есаплаў муғдарының бир есеси (223 мың сум) муғдарында жыйым өндириледи.
Усы тәртип айырықша жағдайларда, халық аралық көргизбелерде қатнасыўда, лаборатория анализлери ушын үлгилерде, сондай-ақ, дипломатик корпус, оқыў мәкемелери, илимий ҳәм мәмлекетлик мақсетлери ушын алып келинетуғын мәмлекетлик ветеринария хызмети бақлаўы астындағы товарларға қарата қолланылмайды.
Сондай-ақ, «Шарўашылық тармағына мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратыўды тәртипке салыўшы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында» Ҳүкимет қарары (280-сан, 12.05.2020-ж.) қабыл етилди.
Президенттың ПҚ-4576-сан қарары менен 2020-2022-жылларда мәмлекет тәрепинен шарўашылық өнимлери жетистириўши хожалықларға, балық жетистириўши хожалықларға, қусшылық хожалықларына субсидиялар ажыратылыўы нәзерде тутылған. Ҳүкимет қарары менен усы субсидияларды ажыратыў тәртиби белгиленди, тийисли режелер тастыйықланды.
Қарар менен сондай-ақ, шарўашылық тармағын жәнеде раўажландырыў искерлигин нәтийжели шөлкемлестириўди тәмийинлеў бойынша районлар (қалалар) комиссияларының ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар комиссиясы қурамы тастыйықланды.
Белгиленген тәртипке көре, субсидия алыўшы район комиссиясына арза менен мүрәжат етеди.
Район комиссиясы арзасын көрип шығып, субсидия ажыратыў ямаса субсидия ажыратыўдан бас тартыў ҳаққында жуўмақ қабыл етеди.
Субсидия ажыратыў ҳаққында жуўмақ қабыл етилгенде булл ҳаққында субсидия алыўшы жуўмақ қабыл етилген күни хабардар етиледи.
Район комиссиясы тәрепинен арзасы нусқасы, оған қосымша етилген ҳүжжетлер ҳәс субсидия ажыратыў ҳаққындағы жуўмақ ўәлаят комиссиясына усынылады.
Ўәлаят комиссиясы өз наўбетинен ҳүжжетлерди 2 жумыс күнинде «Ўзбекчорванасл» агентлигине жибереди.
Агентлик тәрепинен ҳүжжетлер көрип шығылады ҳәм субсидия қәржылары субсидия алыўшылардың коммерциялық банклериндеги тийкарғы есапбетлерине өткерип бериледи.
Ҳуқықый хызмет көрсетиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў бөлими бас мәсләҳәтшиси
Базарбаев Аллаяр Маратович