Янгиликлар
24
ПЕНСИОНЕРДИҢ ҲУҚЫҚЫ ТИКЛЕНДИ
Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 17-май күнги ПҚ-3666-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳаққындағы Нызамының 4-бап 9-бәнтине тийкар Әдиллик органлары мәмлекет, юридикалық ҳәм физикалық шаҳслардың мәпин қорғап судларға мәмлекетлик бажы пулын төлеместен даўа арза киритиўге ҳақылы.
Қоңырат районы әдиллик бөлимине, пуқара Қ.Ш. мүрәжәәт етип, мүрәжәәтинде өзиниң 2015 жылдан баслап пенсия алып отырғанлығы, бирақ Қоңырат районы Бюджеттен тысқары пенсия қоры тәрепинен жәми 30 жыл аралығындағы ис ҳақы ҳәм суғурта бадалларын ҳәмде ислеген дәўири толық есапқа алынбағанлығы себепли пенсия тайынлаў мүмкиншилиги жоқ деп жуўмақ шығарғанлығынан, пенсия напақасы аз тайынланғанлығына наразы екенлигин ҳәмде усы көрсетилмей қалған дәўирлерди мийнет стажына қосып есаплаўда жәрдем сорап мүрәжәәт етти.
Пуқаралық кодексиниң 985-статьясына тийкар нызамсыз ҳәрекет яки ҳәрекетсизлик себепли пуқараның шаҳсына яки мал-мүлкине жеткизилген зыян усы зыянды жеткерген шаҳс тәрпинен толық қапланыўы лазым.
Солай етип, Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 81-статьясына тийкар “Мийнет дәптершеси ҳызметкердиң мийнет стажин тастыйықлаўшы тийкарғы ҳүжжет болып есапланады. Ис бериўши кәрханада бес күннен артық ислеген барлық ҳызметкерлерге мийнет дәптершесин жүргизиўи шәрт, орындаслық асасында ислеўшилерден басқа. Ис бериўши мийнет дәптершесине жумысқа қабыл қылыў, басқа барқулла жумысқа өткериу ҳәм мийнет шартнамаларын бийкар етиў ҳаққындағы мағлыўматларды жазыўы шәрт”.
Өзбекстан Республикасы «Пуқаралардың мәмлекетлик песния менен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Нызамың 59 статьясын, 29.11.2017 жылғы «Мәмлекет пенсия тәмийинлеў менен байланыслы ислер бойынша суд тәжрийбеси ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Жоқары судының Пленуминиң 44-санлы Қарарының 6-бәнтин ҳәмде Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы Кодексиниң 4, 5, 120, 185-статьяларын басшылыққа алып, Конырат районы Әдиллик бөлими тәрепинен, районлык Ҳәкимшилик судына пуқара Ш.Қ ның ҳуқықларын тиклеў мақсетинде ис ҳақы ҳәм суғурта бадаллары толық болмаған дәўирлерди толық мийнет стажына қосып есаплаў мәжбүриятын жүклеў бойынша даўа арза киритилди ҳәм суд тәрепинен пуқара Ш.Қ-ның 30 жыл аралығындағы ис ҳақы ҳәм суғурта бадаллары ҳәмде ислеген дәўири толық есапқа алынып, пуқара Ш.Қ толық пенсия алыў ҳуқықына ийе болды.
Қоңырат районы әдиллик бөлими бас мәсләҳәтшиси
Марат Сметуллаев