Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

Пукаралардыӊ ҳуқық ҳәм мәплери нызам қорғаўында


Өзбекстан Республикасында ҳəр бир шахстың мəмлекетлик уйымларға, шөлкемлерге яки халық ўəкиллерине мүрəжат етиў ҳуқықы конституциялық норма тийкарында қəлипленеди.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 35-статьясына тийкар, ҳəр бир шахс тиккелей өзи ҳəм басқалар менен биргеликте ўəкилликли мəмлекетлик уйымларға, шөлкемлерге яки халық ўəкиллерине арза, усыныс ҳəм шағымлар менен мүрəжат қылыў ҳуқықына ийе. Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатларын көрип шығыў тараўында Əдиллик уйымларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрель күнги ПҚ-3666-сан қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы Əдиллик министрлиги ҳаққында”ғы Режеге тийкар,пуқаралардың өз ҳуқықлары ҳəм еркинликлери мəмлекетлик уйымлары ҳəм шөлкемлери тəрепинен бузылыўы ҳаққындағы мүрəжатларды бийтəреп ҳəм ҳəр тəреплеме көрип шығылыўын тəмийинлеў, оларға қарата нызам ҳүжжетлерине муўапық шаралар көриў ўəкиллиги берилген.
Сол тийкарда, Хожели районы әдиллик бөлимине Хожели районы Пилле ширкет көшеси 2 үйде жасаўшы пуқара Р.Д ҳәм басқа пуқаралардың «Хожели районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасынан айлық ис ҳақыларын ала-алмай атырғанлығынан» наразы болып жоллаған мүрәжатлары келип түсти.
Бул келип түскен мүрәжат бойынша Хожели районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасында мониторинг өткериў жолы менен үйренилип шығылғанда бир қатар нызам бузылыў жағдайлары  яғный кәрхана тәрепинен 2020 жыл 1 январ күнине жәми 78 хызметкерлердиӊ 360 млн. сумнан артық есапланған ис ҳақылары үйрениў күнине шекем төленбегенлиги аныкланды.
Жоқарда көрсетилген өтилген қарыздарлықты өз мүддетинде төлеў, сондай-ақ бундай кемшиликлерди болдырмаў бойынша бөлим тәрепинен усыныс киритилди. Соныӊ менен бирге жәми 307 млн. 007 мыӊ сумлық 55 хызметкерлердиӊ ис ҳақыларын өндириў бойынша Нөкис районарара пуқаралық ислери бойынша судқа даўа арза киритилип, толық қанааатландырылыўына ерисилди.
Сондай-ақ, кәрхананың лаўазымлы шахслар қарсысына жол қойылған нызамбузыўшылықлары бойынша ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў мәселесин қөрип шығыў ушын тийисли ҳүжжетлер Хожели районы бәнтликке көмеклесиў орайына усыныс киритилип, кәрхананың бас есапшысы З.Т.Уразимбетов базалық есаплаў муғдарының 5 есеси яғный 1 115 000 сум жәрийма жуўапкершилигине тартылды.

А.Алламуратов
Хожели районы әдиллик
бөлими баслығы ў.ў.а