Янгиликлар
24
Мәҳәллелерде социаллық напақаларды алыў тәртиби әпиўайыластырылды
Кем тәмийнленген шаӊарақларға социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў ҳәм тѳлеў тәртиби ҳаққындағы режеге тийисли дүзетиўлер киргизилди (20.05.2020 жылдағы 307-санлы МК қарары).
Ҳүжжет Президенттиӊ 2020 жыл 3 апрелдеги ПП-5978-санлы Пәрманыныӊ орынланыўынан келип шығып қабыл етилген, онда шаӊарақлардыӊ социаллық напақа алыўға мүтәжлигин баҳалаў тәртип-процедураларын әпиўайыластырыў, атап айтқанда тѳмендегилер тапсырылған еди:
-социаллық напақа алыў ушын арза менен бирге усыныс етилетуғын ҳүжжетлерди кемейттириў;
-ѳз алдына трансфертларди шаӊарақтыӊ жәми дәраматларын шығарып таслаў.
Ҳүкимет тәрепинен буныӊ ушын тѳмендеги шаралар қабыл етилди:
бириншиден, онда пуқаралардыӊ ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары балалы шаӊарақларға напақа, бала күтими бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем тайынлайтуғын шаӊарақтыӊ ҳәр бир ағзасыныӊ орташа айлық жәми дәраматы муғдары дүзетилди. Енди ол орташа ис ҳақыныӊ еӊ кем муғдарыныӊ 52,7% инен кѳп болмаўы керек (мүрәжет етилген алдынғы ақырғы 3 ай ушын). Илгери – орташа айлық еӊ кем ис ҳақыныӊ 1,5 есесинен кѳп емес.
екиншиден, енди балалалы шаӊарақларға напақа, бала күтими бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем алыў ушын бир шаӊарақ қурамына тѳмендегилер киргизилмейди:
олар менен биргеликте жасайтуғын балалардыӊ аталары ҳәм кемпир апалары;
балалардыӊ ата-аналары (перзентликкке алыўшылар) менен биргеликте хожалық жүргизиўши басқа шахслар;
үшиншиден, орташа айлық жәми дәрамат қунын есаплап шығыўда есапқа алынатуғын шаӊарақтыӊ жәми дәраматына, шаӊарақ ағзалары тәрепинен алынған тѳмендеги дәраматлар киргизилмейди:
-майыплығы бойынша напақа;
-бағыўшысын жоғалтқанлығы бойынша пенсиясы ҳәм напақасы (ҳәр бир қарамағындағыга);
-балалықтан майып болған 16 жастан үлкен шахсларға напақа;
-16 жасға шекем болған майып балалар ҳәм 18 жасға шекем толмаған АИЖСға шалынған шахсларға напақа;
-пенсия қоры арқалы берилетуғын бала туўылғанлығы ҳәмде жерлеў мәресими ушын бир жола тѳленетуғын напақа;
тѳртиншиден, егер шаӊарақтыӊ мийнетке жарамлы ҳәр бир ағзасыныӊ орташа айлық дәраматлары ҳаққындағы усыныс етилген мағлыўматларға дәрамат суммасы кѳрсетилмеген болса яки нормативтен тѳмен кѳрсетилген болса шаӊарақтыӊ орташа айлық жәми дәраматын есаплаў қағыйдасы дүзетилди. Енди усы норматив мийнет ҳақыныӊ еӊ кем муғдарыныӊ 87,9%ине теӊ (илгери – 2,5 еӊ кем ис ҳақыныӊ) ҳәм дәраматты нормативден тѳмен кѳрсеткен ямаса дәраматыныӊ барлығы ҳаққындағы мағлыўматларды хабар етпеген ҳәр бир шаӊарақ ағзасы ушын есап-санақта тап сол қабыл етиледи.
Буннан тысқары, оларға усы қағыйда енгизилмейтуғын шахслар категориясыныӊ дизими кеӊейттирилди. Дизимге тѳмендегилер қосылды:
-напақа алыўшылар – пенсия тайынлаў ушын зәрүр болған ис стажына ийе болмаған қартайғанлар ҳәм мийнетке жарамсызлық жүзесинен напақа алыўшы пуқаралар, балалықтан майыплығы бар шахслардыӊ аналары, балалықтан майыплығы бар шахслар, АИЖС шалынған шахслар, сондай-ақ I яки II топар майыплығы бар шахслар;
-ѳзгениӊ күтимине мүтәж болған шаӊарақ ағзасын күтимин берип атырғанлар;
-район (қала) халық бәнтликке кѳмеклесиў орайына жумыс излеўши сыпатында рәсмий мүрәжет еткен пуқаралар (илгери дизимде тек жумыссыз сыпатында дизимге алынған пуқаралар бар болған);
бесиншиден, мийнет ҳақыныӊ еӊ кем муғдарыныӊ енгизилиўи менен Шаӊарақтыӊ жеке жәрдемши (дийқан) хожалығын жүргизиўден алатуғын норматив дәраматын есаплаў методикасы бойынша дүзетиўлер киргизилди;
алтыншыдан, ѳзгелер күтимине мүтәж болған жалғыз кексе ҳәм майыпларды мутқа тәмийнлеў ушын тийкарғы азық-аўқат ѳнимлери ҳәм гигиена товарларыныӊ дизими кеӊейттирилди. Енди мүтәж болғанлардыӊ усы категориясы басқалар қатары, тѳмендегилерди де алады:
-бир мәртелик қолланылатуғын стерилленген нықап;
-бир мәрте қолланылатуғын стерилленген қолғаплар;
-суйық яки гель жағдайындағы антисептик;
-антибактериал сабын.
Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматларыныӊ миллий базасында жәрияланған ҳәм 21.05.2020 жылдан күшке кирди.
Елликқала районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси
Нуратдин Тайров