Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

Саўға шәртнамаларын рәсмийлестириў тәртиби


Саўға шәртнамасына тийкар бир тәреп (саўғаға бериўши) басқа тәреп (саўғаға алыўшы)ға затты бийпул мүлк етип береди.
Зат, мүлк ҳуқықы яки мүлкий мәжбүрияттан азат етиў формасында саўға нәрсесин анық көрсетпестен өзиниң мал-мүлкин яки мал-мүлктиң бир бөлегеин саўға етиўди ўәде қылыў өз-өзинен ҳақықый емес есапланады.
Саўғаны саўғаға алыўшыға саўға етиўшиниң қайтыс болғанынан кейин тапсырыўыды нәзерде тутыўшы шәртнама өз-өзинен ҳақыйқый емес. Бундай саўғаға қарата мийасқорлық ҳаққындағы қағыйдалар қолланылады.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниң 2019-жыл 4-январдағы 2-мҳ-санлы буйрығы менен тастыйықланған “Нотариуслар тәрепинен нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў тәртиби ҳаққында”ғы Қолланбаның талапларына тийкар қәўендерликтеги шахс атынан саўға шәртнамасы дүзилиўине жол қойылмайды. Бул қағыйдалар ата-аналар (перзентликке алыўшылар) тәепинен өзлериниң ер жетпеген балаларына қәўендерлик, ғамхорлық етиўшилер ретинде дүзилетуғын питимлерге де тийисли.
Физикалық шахслар ортасында автомототранспорт қуралларын басқа шахсқа өткериў ҳаққындағы питимлерди тастыйықлаўда төмендеги ҳүжжетлер талап етиледи:
Саўғаға бериўши ҳәмде саўғаға алыўшының шахсын тастыйқлаўшы пуқаралық паспорты яки оның орнын басыўшы басқа ҳүжжетлер.
мүлк ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (транспорт қуралларын дизимге алыў гуўалығы, автомототранспорт қуралының номерли агрегатлары ушын МЖҲҚХ органлары тәрепинен берилген белгиленген формадағы мағлыўматнама);
мийрасқа болған ҳуқық ҳаққындағы гуўалыққа тийкар транспорт қуралын дизимге алыў гуўалығы берилген болса — мийрасқа болған ҳуқық ҳаққындағы гуўалық.
Егер мийрас еки яки оннан артық мийрасқорларға берилген болса, автомототранспорт қуралын басқа шахсқа өткериў ҳаққындағы питимди тастыйықлаўда барлық мийрасқорлар яки олардың ўәкиллери қатнасып, шәртнаманы имзалайды.
Автомототранспорт қуралы неке дәўиринде алынған улыўмалық мүлк болған жағдайда неке гуўалығы ҳәмде ҳаялы яки күйеуиниң келисим арзасы талап етиледи. Саўға шәртнамасы туўысқанлар ортасында әмелге асырылып атырылған болса туўысқанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер усынылыўы шәрт.
Нотариуслар тәрепинен артықша ҳүжжетлер талап етилгенде яки артықша төлемлер өндирилген жағдайларда Әдиллик министрлигине мүрәжат етиўиңизди сораймыз.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бас мәсләҳәтшиси
Базарбаев Аллаяр Маратович