Янгиликлар
23
Билесизбе
Нотариал хызметлер тек ғана нотариал кеңседе әмелге асырыла ма?
Яқ, пуқаралардың ден саўлығына байланыслы нотариуслар нотариал ҳәрекетти нотариал кеңседен тысқарыда, сыртқа шығыў жолы менен рәсмийлестириўи мүмкин.
2019-жыл 4-январь күни Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 3113-саны менен дизимнен өткен “Нотариуслар тәрепинен нотариал ҳәрекетти әмелге асырыў тәртиби ҳаққында”ғы Қолланбаның 6-бәнтине муўапық, нотариал кеңседен тысқарыда нотариал ҳәрекет әмелге асырылған жағдайда, ҳүжжеттиң тастыйықлаўшы жазыўында нотариал ҳәрекет әмелге асырылған мәнзил толық көрсетиледи ҳәмде нотариал ҳәрекет әмелге асырылыўы, имзаланыў процесси мәжбүрий аудио- ҳәм видео жазыўға жаздырылып алынады.
Ҳуқықый хызмет көрсетиўди мәмлекет
тәрепинен тәртипке салыў бөлиминиң
жетекши мәсләҳәтшиси Ш.Салиева