Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

Билесизбе


Пенсия пулларын алыў ушын исеним хатты нотариал тәртипте рәсмийлестириў ушын қандай ҳүжжетлер талап етиледи ҳәм оның ушын исеним хат алыўшы ўәкилдиң де нотариал кеңсеге келиўи шәрт пе?
Пуқара пенсия алыў ушын исеним хатты бермекши болса, ол шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжети (паспорт) менен нотариал кеңсеге жеке өзи мүрәжат етеди. 2019-жыл 4-январь күни Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен  3113-саны менен дизимнен өткен “Нотариуслар тәрепинен нотариал ҳәрекетти әмелге асырыў тәртиби ҳаққында”ғы Қолланбаның 94-бәнтине муўапық, исеним хатты дүзиў ҳәм рәсмийлестириў ушын исенимли ўәкилдиң қатнасыўы талап етилмейди.
Исенимли ўәкил, сондай-ақ, исеним хат объекти ҳаққындағы мағлыўматлар исеним хат бериўшиниң сөзлерине тийкар жазылады ҳәм мағлыўматлардың дурыслығына исеним хат бериўшиң өзи жуўапкер есапланады. Бул ҳаққында исеним хат мазмунында жазып қойылады.
Исеним хат бериўши пенсия пулларын алыў ушын исеним хатты нотариал тәртипте рәсмийлестиргенде Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамның 11-статьясына муўапық бажы пулын төлеўден азат етиледи.

Ҳуқықый хызмет көрсетиўди мәмлекет
тәрепинен тәртипке салыў бөлиминиң
жетекши мәсләҳәтшиси Ш.Салиева