Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

Халық қыстаӯлы медициналық жәрдем ҳызмети менен кеңнен қамтып алынады


Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 20-июль күнги «Коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў ўақтында халықты қыстаўлы медициналық жәрдем хызмети менен кеңнен қамтып алыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 446-сан қарары қабыл қылынды.
Ҳужжет Президенттиң 2018-жыл 25-январь күнги «Қыстаӯлы медициналық жәрдем системасын жедел раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3494-сан қарарына тийкар қабыл қылынған.
Қарарда Ден саўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Финанс министрлигиниң төмендеги усыныслары мақулланды:
коронавирус эпидемиясы дәӯиринде нормативке қосымша түрде кеше-күндиз нәӯбетшилик ететуғын  1  медицина хызметкери ҳәм  1 айдаӯшыдан ибәрат ықшамластырылған мобил қыстаӯлы медициналық жәрдем бригадалары шөлкемлестириледи;
күшейтирилген тәртип дәӯиринде ҳәр ай жуӯмағына шекем барлық қыстаӯлы медициналық жәрдем  бригадаларында  ислеӯши хызметкерлердиң лаӯазым айлығына 6 пайыз муғдарында ҳәр күнлик қосымша төлемлер орнына төмендеги муғдарларда қосымша материаллық хошаметлеӯ төлемлери белгиленеди:
1.  шыпакер хызметкерлерге – 2,5 млн сум;
2.  орта медицина хызметкерлерине  – 1,5 млн сум;
3.  айдаӯшыларға – 1,0 млн сум.
Ден саўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Финанс министрлиги менен келисилген ҳалда үш күн мүддетте Қарақалпақстан Респбликасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы эпидемиологиялық жағдай, сондай-ақ  тез медициналық жәрдем хызметине күнлик шақырыўлар санынан келип шыққан ҳалда ықшамластырылған мобил қыстаӯлы медициналық жәрдем бригадаларының ўақтыншалық нормаларын тастыйықлаў тапсырылды.    
Қарарда шөлкемлестирилип атырған ықшамластырылған мобил қыстаўлы медициналық жәрдем бригадалары ушын автомашиналар сатып алыў ҳамде қыстаӯлы медициналық жәрдем бригадаларының қосымша штат бирликлерин сақлаў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў, сондай-ақ оларды қосымша материаллық хошаметлеў менен байланыслы қәрежетлерди әмелге асырыў тийкарлары жүргизиледи.
Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлар миллий базасында жәрияланған ҳәм 2020-жыл 20-июль күнинен күшке кирди.


Нөкис қаласы әдиллик бөлими
бас мәсләҳәтшиси            
Б.Нажимов